Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың белсенди жаслары менен ушырасты. Онда билимлендириў, спорт, мәденият, көркем-өнер ҳәм басқа да тараўларда жетискенликлерге ерисип атырған белсенди жаслар, сондай-ақ, тийисли тараў басшылары қатнасты.


Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимизде бүгинги күнде өз қәбилетин жүзеге шығарыў нийетиндеги жасларға қаратылып атырған итибар, оларға деген қоллап-қуўатлаўлардың ҳәм билдирилип атырған исенимниң айрықша екенлигин атап өтти. Соның менен бирге, бул бағдардағы әмелий жумысларға тоқталды.

– “Елимизде жаслардың социаллық-экономикалық машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған “Нөкис қаласы тәжирийбеси” жаратылды. Биринши гезекте, Нөкис қаласындағы 64 мәҳәлледе үйме-үй хатлаў жумыслары әмелге асырылып, 14-30 жастағы 74 мың 683 жастың дизими толық қәлиплестирилди. Соннан, машқалалы мәселелери бар болған жәми 4 мың 839 жасларымыз “Жаслар дәптери” электрон платформасына киргизилди ҳәмде 12 млрд. сўмға жақын қаржылар есабынан оларға ҳәр тәреплеме әмелий жәрдемлер көрсетилди.”-деп атап өтти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өз шығып сөйлеўинде. – “Жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланған жасларымыз барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисип, бүгинги күнде елимизди дүньяға танытпақта. Буған бир мысал сыпатында айтатуғын болсақ, усы жылдың июль-август айларында Россия Федерациясының Владивосток қаласында өткерилген “Азия балалары” халықаралық спорт жарысларында 5 спортшымыз қатнасып, барлығы сыйлы орынларды ийелеўге еристи. Сондай-ақ, жақында ғана Туркия мәмлекетиниң Кония қаласында өткерилген “V Ислам бирдемлик ойынлары” спорт жарысларында 29 спортшымыз қатнасып, соннан 13 спортшы-жасларымыз жәми 19 медальды қолға киргизиўге миясар болды.”
Ҳақыйқатында да бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, сондай-ақ, басламалары менен жасларға үлкен итибар қаратылып атыр. Атап айтқанда, быйылғы жылда жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған 8 жөнелис ҳәм 139 бәнттен ибарат “Жаслар бағдарламасы” тастыйықланды ҳәмде бул бағдарлама тийкарында бир қанша илажлар өткерилмекте.
“Жаслар бағдарламасы”на киргизилген илажларды әмелге асырыў ушын жәми 23,1 млрд. сўмлық қаржы ажыратылған болып, соннан, жасларымыз ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде 10 млрд. 801 млн. сўмлық қаржылар есабынан объектлер қурылып, зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленди. Соның менен бирге, жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери есабынан 7,3 млрд. сўмлық қаржылар жаслардың сапалы билим алыўын ҳәмде бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў илажлары ушын ажыратылды.
Өткерилген ушырасыўда бундай ийгиликли басламалар еледе даўам еттирилетуғынлығы айтып өтилди ҳәм теңлеслери арасында жоқары нәтийжелерге ерискен жаслардың бир топары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан сыйлықланды.
Соннан, Еркин гүрес түри бойынша Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзасы Кеунимжаева Ақтенге Қазы қызы “Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен спортшы” ҳүрметли атағы менен, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлери Джуманиязова Наргиза Шалхарбаевна ҳәм Ибрагимова Шахзада Алишер қызы, Нөкис олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжи оқыўшысы Мамбетназарова Дилназа Муратбай қызы “Үмит ушқыны” көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Буннан тысқары, Россия Федерациясының Владивосток қаласында өткерилген “Азия балалары” халықаралық спорт жарысларында ҳәм Туркия мәмлекетиниң Кония қаласында өткерилген “V Ислам бирдемлик ойынлары” спорт жарысларында сыйлы орынларды ийелеген бир топар спортшылар ҳәм олардың тренерлерине миннетдаршылық билдирилип, пул сыйлықлары менен хошаметленди.





Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июнь күнги “Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў системасын еледе жетилистириў илажлары тийкарында субсидия ажыратылған бир қатар жасларға компютер ҳәм ноутбук топламлары тапсырылды.


Айтып өтиў орынлы, жаслар машқалаларын үйрениў, олардың социаллық-экономикалық мәселелерин “Жаслар дәптери” системасы арқалы шешиў бойынша “Нөкис қаласы тәжирийбеси”н басқышпа-басқыш барлық районларда енгизиў арқалы қосымша 6 мың жасқа әмелий жәрдемлер көрсетилиўи белгиленип, Жоқарғы Кеңес Баслығы буның ушын, Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 5 млрд. сўм қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




