Алдынғы теримшилер мүнәсип хошаметленди

Хожели районындағы “Midasiatex cluster” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен быйылғы жылда “Саманкөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы далаларға 45 гектар, ал район көлеминде жәми 1 200 гектар майданға шигит егилип, барлық агротехникалық қәделерге сәйкес жумыслар алып барылды.

Жетистирилген зүрәәтти сепситпей жыйнап алыўда мапазға белсене қатнасып атырған пахтакешлер айрықша жәрдем бермекте.

Бүгин “Саманкөл” АПЖдағы фермер хожалығы атыз майданында алдынғы теримшилерди сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев терим мапазында айрықша белсендилик көрсетип атырған пахтакешлерге баҳалы саўғалар тапсырды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети