Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге қаратылған тарийхый ҳүжжет

   Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М. Мирзиёевтиң басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасында да кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылып, халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге ҳәм қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
  Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жылдың 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының қабыл етилиўи бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
   Пәрманда Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық және социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға айрықша итибар қаратылған.
   Пәрманға муўапық, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке азайтылған ҳалда берилип атырған жеңилликлер нәтийжесинде, республикамыз бойынша 18731 исбилерменлик субъектинде, жәми 201,2 миллиард сум кәрхана ықтыярында қалыўы күтилмекте.
   Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасында халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў ҳәм республикадағы социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў және аўыр шараятлы аймақларды қоллап-қуўатлаўға бағдарлаў мақсетинде 2022-жыл 3-шеректен баслап 2024-жылдың ақырына шекем ҳәр шеректиң жуўмағында қосымша қун салығы бойынша дәраматлар прогнозының арттырып орынланған бөлеги, бурынғысынан басқаша тәризде, толық Қарақалпақстан Республикасында қалдырылмақта.
   Соңғы жылларда елимизде билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириўди жаңа басқышқа көтериўге де айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.
   Жаңа пәрманда да Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталы раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў бағдары шеңберинде 2022-2023-оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6 500 жаслардың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етиў белгиленген.
   Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин күшли профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларында экология, аўыл хожалығы, ирригация ҳәм қурылыс бағдарлары бойынша 2023-жылдан баслап, таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаўды жолға қойыў тапсырылған.
   Пәрманда белгиленген және бир жеңилликлерден бири бул нураныйларды, имканияты шекленген шахсларды қоллап-қуўатлаў менен байланыслы болып табылады. Яғный, 2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған адамлар ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар ушын билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылсын және жолаўшы тасыўшы компаниялардың усы жеңилликти бериўге байланыслы қәрежетлери Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети қаржыларының есабынан қаплап берилетуғын болды.
   Бүгинги күнде Жоқарғы Кеңес депутатлары тәрепинен бул пәрманның мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, аўылларда ҳәм мәҳәллелерде өткерилетуғын ушырасыўларда, исбилерменлик субъектлери ортасында, оқыў орынларында кеңнен үгит-нәсиятланбақта.
   Әлбетте, пәрманда белгиленген ўазыйпалар нәтийжели әмелге асырылыўы республикамыздың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўы жеделлесип, халықтың турмысын жақсылаўға беккем тийкар болады.

 

Зухра Реймова,
Қарақалапқстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы