Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында болып, район аймағында алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы республикалық әҳмийетке ийе 4Р 177 автомобиль жолының «Сарманбайкөл» АПЖ аймағынан өтиўши участкасында жайласқан авариялық жағдайдағы көпирди барып көрди ҳәм бул машқала аўыл турғынларын, ҳәрекет қатнасыўшыларын қыйнап киятырғанлығын атап өтип, машқаланы тез арада шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Сондай-ақ, усы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектеби филиалы ушын жаңадан қурылып атырған имарат қурылысы менен жақыннан танысып, белгиленген графиктен артта қалып атырғанлығын сынға алды ҳәм тийисли тараў ўәкиллерине үйренип шығыў жуўапкершилигин жүкледи.

Буннан соң, район орайындағы мәденият бөлими имаратында алып барылып атырған қурылыс жумыслары көзден өткерилип, жуўапкерлерге қурылыс жумысларының жеделлестирилиў кереклигин айтып өтти. Үйрениўлер даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы районлық медицина бирлеспесинде алып барылып атырған реконструкция жумысларын барып көрди ҳәм қурылыс жумысларының белгиленген графиктен артта қалып атырғанлығын қатаң сынға алып, тараў басшыларына қурылыс жумысларын жеке қадағалаўға алыўды тапсырды.

Шоманай районында Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектеби жаңа имараты жәми 220 оқыўшы ушын арналған болып Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс жумысларын барып көрди ҳәм мектептиң, сондай-ақ, усы аймақта «Туран банк» қәўендерлигинде қурылып атырған социаллық объектлердиң де қурылысын қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берди.

Қурылыс жумысларын көзден өткергеннен соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев министрлик ҳәм ўәкилликли уйымлар, депутатлар, жергиликли тараў басшылары, сондай-ақ, көше бийлери ҳәм аўыл ақсақаллары менен ушырасып, халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, район аймағындағы қурылыс-оңлаў жумысларының барысы, билимлендириў, медициналық жәрдем сондай-ақ, пуқаралар менен жақыннан ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқталып, бул бағдарда тараў басшылары тәрепинен жол қойылған кемшиликлерди сынға алды.

Соның менен бирге халық ийгилиги жолында республикамыз бойынша алып барылып атырған кең көлемли абаданластырыў жумыслары, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларының әмелий нәтийжелери, инсан қәдирин уллылаўдай басламалардың системалы даўам еттирилип атырғанлығын айрықша атап өтти.

Өткерилген мәжилисте район халқын күнделикли турмысынан разы етиў жолында немқурайдылық пенен қарап атырған басшылар катаң ескертилип, район турғынларының абадан турмысын тәмийнлеў жолында ат салысыў кереклиги, бул бағдарда ҳәр бир тараў басшысы өз тараўы бойынша жумысларды қайтадан көрип шығыў кереклигин айрықша тилге алды.

Мәжилис соңында Шоманай районын барлық тараўларда еледе раўажландырыў бойынша анық илажлар көрилетуғынлығы ҳәм 2022-жыл жуўмағына шекем
районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 11 млрд. сўмлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети