Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы кемшиликлерди сынға алды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында болып, районда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәмде халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған әмелий ислердиң барысы менен танысты.
Атап айтқанда Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат еткен пуқаралардың мәселелериниң унамлы шешим табыўы бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын барып көрди.

Буннан соң Шымбай районы ҳәкимлигиниң Мәжлислер залында барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары ҳәм районлық мекемелердиң басшылары сондай-ақ, райондағы 370 ден аслам көше ҳәм аўыл бийлери қатнасында мәжлис болып өтти.

“Президентимиз басшылығында елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, халықтын турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў арқалы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған:
“Абат аўыл”, “Абат мәҳәлле”, “Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен”, “Жаслар келешегимиз”, “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери”, “Жаслар дәптери” сыяқлы бир қатар бағдарламалар бойынша орынларда жумыслар алып барылмақта.
Бирақ, усындай қолайлы шараятлар жаратылыўына қарамастан, айырым тараў басшылары өз жумысына үстиртин көз қараста қарап, белгиленген тапсырмалардың мүддетинде орынламаўы – биринши нәўбетте халықтың кеўил-кейпиятына кери тәсир етип, олардың наразышылығына себеп болады”-деди Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев.
Бүгинги күнде Шымбай районында дерлик көплеген тараўларда, соның ишинде, қурылыс, абаданластырыў ҳәм социаллық тараўларда бир қатар кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығын атап өтти.

Ушырасыўда көтерилген ҳәр бир мәселе тараў басшыларының итибарынан шетте қалмай, барлығы қатаң қадағалаўға алыныўы шәрт екенлигин белгилеп берди ҳәм быйылғы жыл жуўмағына шекем Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 16 млрд. 849 млн.сўмлық қаржы ажыратылатуғынын мәлим етти.

Соның менен бирге жоқарыда көтерилген мәселелерди сапластырыў жумысларын шөлкемлестириў, тараў басшылары тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм олардың лаўазымына илайықлығы мәселеси бойынша жуўапкер етип, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Утамбетов белгиленди.