Бүгин 2022-жыл 7-сентябрь күни Хожели районы “Саманкөл” АПЖ аймағындағы “Midasiatex cluster” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли хожалығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Қайпов, барлық район ҳәкимлери ҳәм сектор басшылары қатнасыўында дәслепки пахта зүрәәти қабылланды.


Соның менен бирге, жыйын-терим мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў, техникалардың саз ҳалатда болыўына айрықша итибар қаратыў, теримшилерге барлық қолайлы шараятларды жаратыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар белгилеп берилди.








