Усы жыл 7-сентябрь күни Қараөзек районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ағзасы Халилла Ешимбетовтың Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў даўамында депутатларға ҳәм жыйналыс қатнасыўшыларына Пәрманда атап өтилген мәселелерге тоқтап өтти. Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлерине қолай шараятлар жаратыў, усы арқалы халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында пайда салығы ставкасы 15 проценттен 7,5 процентке азайтылыўы, айланба салық ставкасы Нөкис қаласында 4 проценттен 2 процентке, районларда 2 проценттен 1 процентке, алыс аймақларда болса 1 проценттен 0,5 процентке, мүлк ҳәм жер салығы ставкалары 2 есеге азайтылыўы сыяқлы берилип атырған жеңилликлер ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, ҳәр бир кем тәмийинленген шаңараққа базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пулларының берилиўи, 2022-2023-оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6500 жастың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилетуғынлығы, 2022-жыл 15-сентябрь сәнесинен баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылыўы ҳаққында түсиниклер берип өтти.
Соның менен бирге, илажда коррупцияның алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған Пәрманлар ҳәм Ҳүкиметлик қарарлар туўралы мағлыўматлар берип, әҳмийетине кең түрде тоқтап өтти.
Ушырасыўда билдирилген пикирлерден келип шығып тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.






