Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы 19-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы 19-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасты.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев оқыўшылар менен ушырасып, оларға жаңа оқыў жылында тасқын табыслар тиледи.
Соның менен бирге елимизде билимлендириў таараўында алып барылып атырған реформалар, жаслардың терең билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында атап өтти.
“Кегейли районында жайласқан 19-санлы мектепти 74 оқыўшы питкерип шыққан болса, соннан 37 питкериўши, яғный 50 проценти жоқары оқыў орынларына кириў бахтына миясар болды.

Солай екен, оқыўшыларға билим бериўдиң сапасын арттырыўдың барлық зәрүрли илажларын көриўимиз тийис” – деди Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев.
Илажда Президент саўғасы болған мектеп қураллары оқыўшыларға тарқатылып, жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўы қағылды.
Сондай-ақ, мектепте пидайы мийнетлериниң арқасында айрықша көзге түскен оқытыўшылар Қарақалпақстан Республикасы «Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланды ҳәм мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылды.