Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапары аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыўға үлкен үлес қосыўға хызмет ететуғын тарийхый ўақыя болды. Туңғыш рет Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине басшы сайлаў бойынша өткерилген сессияда депутатлар тек ғана қол көтерип, талабанды тастыйықлап ғана қоймастан дәслеп болажақ басшының әмелге асыратуғын режеси бойынша таярланған презентациясы менен танысты ҳәм кең додалады.
Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымына талабан Аманбай Орынбаев Қарақалпақстанда исбилерменликти, аграр тараўды, инфраструктураны раўажландырыў, санаат жойбарларын көбейтиў, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша жүзеге келген машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша усынысларын билдирди.
Сессияда Президентимиз сонша ис-ҳәрекетлерге, Қарақалпақстанға ажыратылып атырған үлкен-үлкен қаржыларға қарамастан халықтың кейпиятына унамсыз тәсир етип атырған машқалалар сақланып атырғанын айрықша атап өтип, презентацияда билдирилген жумысларды толық әмелге асырыўда зәрүр болған ресурслардың ажыратылыўында жәрдем бериў, халықты разы етиў ушын тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берди.
Жыйналыстан алдын Президентимиз ашық сәўбетлесиўди айтып өткенинде мен де сайлаўшылар, нураныйлар тәрепинен усыныс ҳәм илтимасларды айтыўды кеўлимнен өткерген едим. Лекин, алдағы режелер презентациясы додалаўында Қарақалпақстанды раўажландырыўға, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылатуғын қаржылар ҳәм жеңилликлерди еситип, және қандай жеңиллик сораўға да ойланып қалдым.
Мәселен, Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде аймақ ушын пайда салығы ставкасын 15 проценттен 7,5 процентке түсириў, айланба салық ставкасын кемейтиў, мал-мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге кемейтиў, буннан тысқары, усы жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын режедеги 650 миллиард сўмға қосымша түрде 200 миллиард сўм ажыратылыўы атап өтилди. Туўрысын айтқанда, бул миллиард-миллиард қаржылар ҳәм миллион долларларды мен еле ойыма сыйдыра алмай атырман.
Қарақалпақстанға кейинги 5-6 жылда аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм ажыратылып атырған қаржылар Мойнақ ҳәм Бозатаўдағы дөретиўшилик жумысларында өз көринисин таппақта. Жақында Бозатаўдағы алыс аўылға бардым. Жақын жылларға шекем пүткиллей итибардан шетте қалып, халқы көшип кетиўге таярланып жүрген аўылға заманагөй инфраструктура кирип барған. Жоллары асфальтланып, ҳәтте пиядалар жоллары қурылған. Халық буннан разы ҳәм миннетдар болмақта.
Көркеткишлерге итибар қарататуғын болсақ, Қарақалпақстанда ишимлик суў тәмийнаты 40 проценттен 68 процентке, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў дәрежеси 32 проценттен 76 процентке, халықтың дәраматлары жан басына 2 есеге асыўына ерисилген.
Сессияда бул өзгерислерди ҳәмме бирдей түсине алмай атырғаны, айырым әдилсиз басшылар “халықты разы етиў” деген ийгиликли түсиникти еле аңлап жетпей атырғаны айтып өтилди. Президентимиз атап өткениндей, «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформаларды ҳәр бир қала ҳәм район аўылына, ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеўде биз депутатлар ҳәм нураныйлар белсендилигимизди және де арттырыўымыз керек.
Мысалы, 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстандағы пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған шахсларға темир жол ҳәм авиабилетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликти тиклеў, 2025- жылға шекем қосылған дәрамат салығы бойынша режеден арттырып орынланған түсимлерди Қарақалпақстан бюджетинде қалдырыў, бақша, мектеп ҳәм медицина мәкемелери қурылысына келеси бес жылда қосымша 5 триллион сўм ажыратыў, буннан тысқары, пуқараларға жеке тәртиптеги турақ-жай қурыў мақсетинде жер участкасын бериў бойынша усыныслар таярлаў сыяқлы жаңалықлар пүткил халқымызды қуўандырмақта.
Бүгиннен баслап биз депутатлар ҳәм нураныйлар жумыс ислеў усылымызды өзгертиўимиз, усы жаңалықларды ҳәм имканиятларды халқымызға түсиндириўимиз лазым. Президентимиз сөзи менен айтқанда, “Бул жаңаланыўларды қарақалпақ халқы сезиўи керек. Ески усыллар менен Қарақалпақстанда жумыс ислеп болмайды”.
Итибарлы тәрепи сонда, Президентимиздиң бул сапары шеңбериндеги өзгерислер Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы алдынан халқымыздың кейпиятын көтерип, ертеңги күнге болған исенимди арттырады. Соны исеним менен айтаман, барлық депутатлар ҳәм тараў басшылары жаңа басшы әтирапында бирлесип, елимизди буннан былай да раўажландырыўға ҳәмде халқымыздың разылығын тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли ислерде Президентимизге қол-қанат боламыз.
Кенес Каримов,
Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты




