Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары
Қарақалпақстан Республикасы “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 67-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И:
Босап қалған орынларға 2022-жыл 21-августта өткерилген сайлаўлардың жуўмақлары ҳаққындағы округлик сайлаў комиссияларының протоколларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған төмендеги депутатлар дизимге алынсын:
|
Сайлаў |
Фамилиясы, исми, әкесиниң исми | Туўылған жылы ҳәм жери | Депутаттың кандидатурасын көрсеткен сиясий партияның атамасы |
Жумыс орны ҳәм лаўазымы |
|
9-санлы «Әжинияз» сайлаў округи |
Зоркина Галина Александровна | 1955-жылы, Нөкис қаласы | Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Өзбекстан Орыс миллий-мәдений орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы |
|
18-санлы «Жанбасқала» сайлаў округи
|
Сапарбаев Рустам Турсынбаевич | 1982-жылы, Қоңырат районы | Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси | Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийет ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары |
|
46-санлы «Кетенлер» сайлаў округи
|
Наўрызов Қалбай Тогаевич | 1958-жылы, Шоманай районы | Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Пенсияда (Шоманай районы “Шоманай нуры” газетасы редакторы) |
|
56-санлы «Бердақ» сайлаў округи
|
Орынбаев Аманбай Тлеубаевич | 1979-жылы, Кегейли районы | Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми |
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары |
|
62-санлы «Қараөзек» сайлаў округи
|
Ещанов Суйеубай Алиевич | 1963-жылы, Мойнақ районы | Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси |
Қараөзек районы “Есимөзек” аўыл пуқаралар жыйыны баслығы |
Қарақалпақстан Республикасы
Орайлық сайлаў комиссиясы
баслығы Е. Джуманазаров
Нөкис қаласы
2022-жыл 22-август




