Исбилерменлерге “Ҳүрмет жарлығы” тапсырылды

Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында елимизде исбилерменликти раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў, республиканыӊ экспорт потенциалын арттырыў бойынша кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Буныӊ айқын бир мысалы сыпатында 20-август күниниӊ “Исбилерменлер күни” деп белгилениўин, “Фаол тадбиркор” көкирек белгисиниӊ шөлкемлестирилиўин атап өтиў орынлы.

Усы орында соны да айрықша атап өтиў орынлы бүгинги сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ арнаўлы қарары тийкарында бир қатар жерлеслеримиз “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде де 20-август “Исбилерменлер күни” мүнәсибети менен бир қатар исбилерменлерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ “Ҳүрмет жарлығы” салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов, қатнасты.