«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 16-статьясы
3-бөлимине муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
- Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен усынылған « Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары тийкарынан мақуллансын.
- Нызам жойбары нормаларының Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституцияларына ҳәм нызамларына муўапықлылығын тексериў ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине тапсырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетине Нызам жойбарының Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына муўапықлылығын қарап шығыў тапсырылсын.
- Нызам жойбары рәсмий дереклерде жәриялансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен додалаў барысында келип түскен пикир-усыныслар есапқа алынып, Нызам жойбары Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясына усынылсын.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
М.Камалов
Нөкис қаласы, 29-июль 2022-жыл




