ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ АЙЫРЫМ НЫЗАМЛАРЫНА ӨЗГЕРИСЛЕР ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР КИРГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА

                                                                                                                 жойбар

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ АЙЫРЫМ НЫЗАМЛАРЫНА ӨЗГЕРИСЛЕР ҲӘМ ҚОСЫМШАЛАР КИРГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА

Қарақалпақстан Республикасының

Нызамы

 

1-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2018-жыл 26-декабрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық, қалалық кеңеси депутатын шақырып алыў ҳаққында»ғы 221/XXIV-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 1-статьяныӊ текстиндеги бесинши абзацындағы «уйым (сиясий партия)» деген сөзлер «сиясий партия» деген сөзлер менен алмастырылсын.

2) 2-статьяныӊ екинши бөлиминдеги «уйымның (сиясий партияның)» деген сөзлер «сиясий партияның» деген сөзлери менен алмастырылсын.

3) 4-статьяныӊ екинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
Депутатты шақырып алыў бойынша даўыс бериўди Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен депутатты сайлаў ушын белгиленген тәртипте шөлкемлестириледи.

4) 6-статьяныӊ төртинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
Даўыс бериў участкаларын ҳәм комиссияларын дүзиў, комиссиялардың ўәкилликлери, сайлаўшылардың дизимлерин дүзиў, даўыс бериўди өткериў нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

2-статья.  Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 28-декабрь күнги «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы 117/ХIII -санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

Төмендеги мазмундағы 17¹ ҳәм 172статьялары менен толықтырылсын:

1) 17¹-статья. Парламентлик тексериў

Жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ең әҳмийетли мәплерине қәўип салыўшы, мәмлекет қәўипсизлиги тийкарларына, оның турақлы раўажланыўына кери тәсир етиўи мүмкин болған белгили бир фактлерди ямаса ўақыяларды үйрениў мақсетинде Жоқарғы Кеңес қарары менен парламент тексериўи өткерилиўи мүмкин.
Жоқарғы Кеңес парламент тексериўин өткериў ушын Жоқарғы Кеңес депутатлары арасынан комиссия дүзеди.
Комиссия парламент тексериўин өткериўде төмендегилерге ҳақылы:
Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының ўәкиллерин, қәнигелер, экспертлер ҳәм илимпазларды комиссия жумысына тартыў;
Мәмлекетлик уйымлардан, хожалық басқарыў уйымларынан, басқа да шөлкемлерден, сондай-ақ пуқаралардан зәрүр мағлыўматларды сорап алыў;
Мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының, басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларын, сондай-ақ пуқараларды түсиндириўлер бериў ушын мирәт етиў.
Комиссия Жоқарғы Кеңестиң қарарына муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болыўы мүмкин.
Комиссия орынланған жумыс туўралы Жоқарғы Кеңес тәрепинен белгиленген мүддетте Жоқарғы Кеңести хабардар етеди.

2) 17²статья. Прокуратура уйымлары жумысы үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырыў

Прокуратура уйымлары жумысы үстинен парламент қадағалаўын әмелге асырыў, Қарақалпақстан Республикасында нызам үстинлиги ҳәм нызамлылықты, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплери қорғалыўын тәмийинлеў бойынша олардың жумысының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң прокуратура уйымлары жумысын қадағалаўшы комиссиясы дүзиледи.
Жоқарғы Кеңестиң прокуратура уйымлары жумысын қадағалаўшы комиссиясының жумысын шөлкемлестириў тәртиби Жоқарғы Кеңестиң қарары менен белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ҳәр жылы Жоқарғы Кеңеске есабат усынады, есабат Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында қарап шығылады.
Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабаты дәслепки тәризде Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен Жоқарғы Кеңестиң прокуратура уйымлары жумысын қадағалаўшы комиссиясы менен биргеликте қарап шығылады.
Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының есабатын тынлаў жуўмақлары бойынша Жоқарғы Кеңес қарар қабыл етеди, қарар Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасына жибериледи.

3-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 21-сентябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы 99/X-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 6-статьяныӊ алтыншы бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин: Жоқарғы Кеңес депутатының статусы «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы менен белгиленеди.

2) 17-статья төмендеги мазмундағы 4 бәнт пенен толықтырылсын:
Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайтарылған нызам жойбарына тийкарланған жуўмақ береди ҳәм қайта қарап шығыў ушын Жоқарғы Кеңес сессиясына усынады.
Төртинши – он биринши бәнтлери тийислисинше бесинши – он екинши бәнтлери деп есаплансын.

4-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 14-май күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы 33/III-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 7-статьяныӊ жетинши бөлиминдеги «уйым (сиясий партия)» деген сөзлер «сиясий партия» деген сөзлер менен алмастырылсын.

2) Төмендеги мазмундағы 141-статьясы менен толықтырылсын:

141-статья. Жоқарғы Кеӊесте турақлы түрде ислеўши депутаттыӊ мийнет ҳуқықларыныӊ кепилликлери

Депутатларға, ўәкилликлери мүддети тамамланғаннан кейин жумысқа жайласыўға байланыслы кепилликлер бериледи. Ўәкиллик мүддети тамамланғанан кейин, депутатқа өзиниң разылығы менен басқа лаўазымдағы жумыс, сондай-ақ жоқарылаў лаўазымдағы жумыс ҳәм берилиўи мүмкин.
Депутат алдынғы жумыс орнына (лаўазымына) қайтқан жағдайда, депутаттың алдынғы ийелеп турған лаўазымына қабыл етилген шахс пенен мийнет шәртнамасы бийкар етиледи.
Кәрхана, мәкеме, шөлкем қайта шөлкемлестирилген ямаса хызметкерлер саны (штаты) өзгерген жағдайда депутатқа ўәкиллик мүддети тамамланғаннан кейин алдынғы жумыс орны бойынша басқа алдынғысына тең лаўазым бериледи. Бунда депутатты жумысқа жайластырыў миннетлемеси ҳуқықый мийрасхор жуўапкершилигине жүклетиледи.
Кәрхана, мәкеме ямаса шөлкем сапластырылған жағдайда, депутатқа өзиниң разылығы менен басқа кәрханада, мәкемеде ямаса шөлкемде жумыс (лаўазым) бериледи. Бунда депутатты жумысқа жайластырыў миннетлемеси жоқары турыўшы уйым ямаса басқа ўәкилликли уйым жуўапкершилигине жүклетиледи.
Депутаттыӊ ўәкилликли мүддети улыўма ис стажына, хызмет мүддетине ҳәм алдынғы қәнигелиги бойынша жумыс стажына қосып есапланады.
Жоқарғы Кеӊес депутатына отыз алты жумыс күнинен ибарат ҳақы төленетуғын жыллық мийнет дем алысы бериледи, буннан нызамшылықта көбирек мүддетли дем алыс нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Жоқарғы Кеӊес депутатына ҳәр жылғы мийнет дем алысы, әдетте, Жоқарғы Кеӊестиӊ сессиялары аралығындағы дәўирде бериледи.

3) 16-статья:

а) 16-статьяныӊ биринши бөлиминдеги «Жоқарғы Кеӊес» деген сөзлеринен кейин «Аппараты» деген сөз бенен толықтырылсын.

б) 16-статьяныӊ екинши бөлиминдеги «базарынан» деген сөз «базаларынан» деген сөз бенен алмастырылсын.

в) 16-статьяныӊ үшинши бөлиминдеги «үш» деген сөз «бес» деген сөз бенен алмастырылсын.

5-статья. Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 10-июнь күнги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Регламенти ҳаққында»ғы 88/IX-санлы Нызамына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:

1) 21-статьяныӊ биринши бөлиминдеги «қадағалаў-таллаў илажларын таярлаўға ҳәм өткериўге көмеклесиў мақсетинде» деген сөзлеринен кейин «зәрүр жағдайда» деген сөзлер менен толықтырылсын.

2) 29-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:

29-статья. Нызам жойбарын Жоқарғы Кеңес тәрепинен қарап шығыў тәртиби

Жоқарғы Кеңеске киргизилген нызам жойбарлары Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессияларында қарап шығылады.
Жоқарғы Кеңес нызам жойбары бойынша әдетте, нызамшылық басламасы субъектиниң баянатын ҳәм тийисли комитеттиң қосымша баянатын тыңлайды, нызам жойбарының тийкарғы қағыйдаларын додалайды ҳәм де дүзетиўлер түринде усыныс ҳәм пикирлер билдиреди.
Жоқарғы Кеңес нызамды қабыл етиў ямаса нызам жойбарын қайтарыў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Жоқарғы Кеңестиң нызам жойбарын қайтарыў ҳаққындағы қарарында қайтарыў ўәжлери ҳәм нызам жойбарын Жоқарғы Кеңеске қайта усыныў мүддети көрсетиледи.
Нызам жәми депутатлардың көпшилик даўысы менен қабыл етиледи, усы Нызамның 291 ҳәм 30-статьяларында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.
Қарақалпақстан Республикасы нызамларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы қол қояды.

3) Төмендеги мазмундағы 291статьясы менен толықтырылсын:

291-статья. Нызамды Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайта көрип шығыў тәртиби

Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайтарылған нызам қайта көрип шығыў ушын жуўапкер комитетке қайтырылады.
Жуўапкер комитет Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайтарылған нызам жойбарына тийкарланған жуўмақ береди.
Жуўапкер комитеттиң тийкарланған жуўмағы алынғаннан кейин нызам жойбарын Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайта көрип шығыў ҳаққындағы мәселе белгиленген тәртипте Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби жойбарына киргизиледи.
Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайта көрип шығыў нәтийжелери бойынша нызам жойбарын қабыл етиў яки бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етеди.
Жоқарғы Кеңес тәрепинен қайта көрип шығылып атырған нызам депутатлардың улыўма санының үштен еки бөлегинен ибарат көпшиликтиң даўысы менен қабыл етиледи.

4) 36-статьяныӊ екинши бөлиминдеги «басқа да мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының баслықлары» деген сөзлер алып таслансын.

5) 61-статья:

а) 61-статьяныӊ атамасындағы «өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин» деген сөзлерден кейин «ҳәм есабатын» деген сөзлер менен толықтырылсын.

б) 61-статьяныӊ төртинши бөлиминдеги «мәлимлемесин» ҳәм «жылына еки мәрте» деген сөзлер «есабатын» ҳәм «ҳәр шеректе» деген сөзлер менен алмастырылсын.

6) 63²-статьяныӊ биринши бөлиминдеги «республикада» деген сөз «Қарақалпақстан Республикасында» деген сөзлер менен алмастырылсын.

6-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
өз қарарларын усы Нызамға муўапықластырсын;
усы Нызамға қайшы болған өз нормативлик ҳуқықый актлерин қайта қарап шығыўын ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин;
усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәм де халықтыӊ арасында мазмун ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлесин.

7-статья. Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.