«Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарын улыўмахалықлық додалаўға қойыў ҳаққында  

 «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарын улыўмахалықлық додалаўға қойыў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

 1. «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары 2022-жыл 25-июньнен 2022-жыл 5-июльге шекем улыўмахалықлық додалаўға қойылсын.
2. Өткерилген улыўмахалықлық додалаў нәтийжесине муӯапық таярланған «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары Өзбекстан Республикасы референдумына қойылыўы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
3. «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары улыўмахалықлық додалаў ушын «Халқ сўзи», «Народное слово» газеталарында ҳәм де «Meningkonstitutsiyam.uz» электрон платформасында жәриялансын.
4. Мәмлекетлик уйымларға, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, кәрханаларға, мәкемелерге, шөлкемлерге, сиясий партияларға ҳәм де басқа жәмийетлик бирлеспелерге ҳәм ғалаба хабар қуралларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларына, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларына сайлаў округлеринде «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарын улыўмахалықлық додалаўға байланыслы илажларды шөлкемлестириў усыныс етилсин.
5. Мәмлекетлик уйымлар «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарын улыўмахалықлық додалаўға байланыслы илажларды шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге көмеклесиў, сондай-ақ, улыўмахалықлық додалаўдың барысы ҳәм жуўмақлары ҳаққындағы мәлимлемени ғалаба хабар қуралларында тарқатыў арқалы улыўмахалықлық додалаўды өткериў ушын зәрүр шараятларды тәмийинлесин.
6. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети ҳәм де Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети:
Конституциялық нызам жойбарын улыўмахалықлық додалаў даўамында келип түсетуғын усыныс ҳәм пикирлерди көрип шығыўға байланыслы жумыслардың шөлкемлестириўин тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириў ис-илажларын әмелге асырыў бойынша Конституциялық комиссия менен биргеликте улыўмахалықлық додалаў даўамында келип түскен усыныс ҳәм пикирлерди есапқа алыў, улыўмаластырыў, үйрениў ҳәм де талқылаў ҳәм олар тийкарында Конституциялық нызам жойбарын нормасына жеткериў бойынша жумыслар алып барсын;
Конституциялық нызам жойбарын улыўмахалықлық додалаў жуўмақлары ҳаққында улыўмаластырылған мәлимлеме таярласын ҳәм де оны Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатларының итибарына жеткерсин.
7. Бул Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының
Спикери Н.Исмоилов

Ташкент қаласы,
2022-жыл 24-июнь,
№ 2260–IV