Конституциялық реформалардың әҳмийетли басқышы

Конституциялық реформалардың әҳмийетли басқышы

 Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде мәмлекетимизде Конституциялық реформалар процеси қызғын басқышқа кирди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары Кеңеслериниң Қоспа қарары менен дүзилген Конституциялық комиссияға өткен бир ай даўамында келип түскен 60 мыңнан аслам усыныслар тийкарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен таярланған Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы конституциялық нызамлар жойбарлары усы жыл 24-июнь күни Нызамшылық палатасы тәрепинен көрип шығылды.
Конституциялық нызамлар жойбарлары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилип, бирден-бир «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарына бирлестирилди.
Конституциялық нызам жойбары Тийкарғы нызамымыздың 64 статьясына 200 ден аслам өзгерислер киргизиўди нәзерде тутады. Буннан тысқары, 6 жаңа стстья менен 16 жаңа норма киргизилмекте.
Олардың көпшилиги мазмун-мәниси бойынша «инсан – жәмийет – мәмлекет», «Жаңа Өзбекстан – социаллық мәмлекет» деген принциплерди конституциялық қағыйда сыпатында мөрлеўге, халықсүйгиш мәмлекет қурыўға, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиўге, жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин толық тәмийинлеўге қаратылған.
Сондай-ақ, өзгерислер сапалы ҳәм квалификациялы медициналық хызметти шөлкемлестириў, билимлендириўди раўажландырыў, жеке мүлктиң қол қатылмаслығын кепиллеў, пуқаралық жәмийети институтларының статусын ҳәм экологиялық қорғаў сыяқлы мәселелерди конституциялық дәрежеде беккемлеп қойыў менен байланыслы.
Соның менен бирге, нызам жойбары мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасын жетилистириў, атап айтқанда, парламент ўәкилликлерин кеңейтиў, Президентлик институтын жетилистириў, орынлардағы ўәкиллик ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларын ажыратыў, Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық, сиясий жақтан раўажландырыўдың конституциялық тийкарларын және де беккемлеў мәселелерин де өз ишине алады.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы тәрепинен усы жылдың 24-июнинде бул Конституциялық нызам жойбарын улыўмахалықлық додалаўға қойыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Бул процесс «Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаў ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық өткериледи. Оған муӯапық:
1. Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаўда пуқаралардың қатнасыўы ықтыярлы (7-статья).
2. Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаўда қатнасыўда пуқаралар тең ҳуқыққа ийе (8-статья).
3. Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаў ашық-айдын, жәриялы өтеди ҳәм ғалаба түрге ийе болады (9-статья).
4. Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаў процесинде пуқаралар нызам жойбарлары бойынша өз пикирин еркин билдириў ҳуқықына ийе (11-статья).
5. Улыўмахалықлық додалаўға қойылған нызам жойбарлары мәмлекетлик уйымлардың мәжилислеринде, пуқаралар жыйынларында, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, сиясий партиялар ҳәм басқа жәмийетлик бирлеспелерде, әскерий хызметкерлердиң жыйналысларында, ғалаба хабар қураллары арқалы да додаланыўы мүмкин (18-статья).
6. Улыўмахалықлық додалаў қатнасыўшыларының усыныс ҳәм пикирлери жеке тәртипте яки жәмәәтлик тәризде, аўызеки яки жазба түрде киргизиледи.
Нызам жойбары бойынша усыныс ҳәм пикирлерде пуқараның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, оның жасаӯ орны, тийисли уйымның, шөлкемниң атамасы ҳәм почта мәнзили көрсетиледи. Нызам жойбары бойынша усыныс ҳәм пикирлер имзаланған болыўы керек (19-статья).
7. Пуқаралар нызам жойбарына байланыслы усыныс ҳәм пикирлерин мәмлекетлик тилде яки өзлери билген қәлеген басқа тилде киргизиўге ҳақылы (20-статья).
8. Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, сиясий партиялар, басқа жәмийетлик бирлеспелер ҳәм ғалаба хабар қураллары, Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялардың фракциялары, сондай-ақ, Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаў округлеринде нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаўға байланыслы илажларды шөлкемлестиреди (16-статья).
Улыўмахалықлық додалаўларды шөлкемлестириў процесинде мәмлекетлик мәкемелер пуқараларға өз қәлеўи ҳәм ерк-ықрарын емин-еркин билдириўи ушын барлық қолайлылықларды жаратыўы тийис.
9. Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаў жуўмақлары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы тәрепинен көрип шығылады (25-статья).
10. Нызам жойбарларын улыўмахалықлық додалаў жуўмақлары ғалаба хабар қуралларында жәрияланады (26-статья).
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының қарарына муӯапық, «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбарын улыўмахалықлық додалаў 2022-жылдың 25-июнинен 5-июлине шекем өткериледи.
Ҳүрметли пуқаралар!
Бул Конституциялық нызам жойбары улыўмахалықлық додалаў ушын «Халқ сўзи», «Народное слово» газеталарында ҳәм де «Meningkonstitutsiyam.uz» электрон платформасында жәрияланбақта.
Конституциялық нызам – жойбары бойынша пикир ҳәм усынысларыңызды «Meningkonstitutsiyam.uz» электрон платформасы, 1341 қысқа номери арқалы ҳәм де Олий Мажлис Нызамшылық палатасына Ташкент қаласы, Бунёдкор проспекти, 1-жай мәнзили бойынша жибериўиңиз яки тиккелей келген ҳалда бериўиңиз мүмкин.
Өткерилген улыўмахалықлық додалаў нәтийжеси улыўмаластырылып, нызам жойбары және де жетилистириледи.
Оның нәтийжелерине муӯапық, «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары Өзбекстан Республикасы референдумына қойылады.
Әзиз ўатанласлар!
Бүгинги күнде мыңлап пуқараларымыз, нураный ҳәм жасларымыз, түрли миллет ўәкиллери, оқытыўшылар, медицина хызметкерлери, исбилерменлер, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллери, улыўма жанажан Өзбекстанымыз тәғдирине бийпарқ болмаған ўатанласларымыз өз усынысларын жибериўди даўам етпекте.
Себеби, ҳәр бир инсан бул ҳүжжетти меники, Мениң Конституциям деўи, онда өзин, шаңарағын, мәҳәллесин, жәмийет ҳәм мәмлекетти жыллар даўамында тынышсызландырып келген машқалалар шешимин көриўи мүмкин.
Елимиз келешеги ҳәм Ўатанымыз тәғдири Сиз ҳәм Бизиң бул процессте белсене қатнасыўымызға байланыслы болып, алдағы раўажланыўымыз ушын да айрықша әҳмийетке ийе болады.
Бул процессте бәршеңизди белсене қатнасыўға шақырамыз!

Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлисиниң
Нызамшылық палатасы