Жойбар
Өзбекстан Республикасының Конституциялық нызамы жойбары
Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында
Нызамшылық палатасы тәрепинен __________________ қабыл етилген
1-статья. 1992-жыл 8-декабрьде он екинши шақырық Өзбекстан Республикасы Жоқары Советиниң он биринши сессиясында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының Конституциясына (Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Советиниң Хабарнамасы, 1993-жыл, № 1, 4-статья; 1994-жыл, № 1, 5-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Хабарнамасы, 2003-жыл, № 3-4, 27-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2007-жыл, № 4, 162-статья; 2008-жыл, № 12, 637-статья; 2011-жыл, № 4, 100-статья, № 12/1, 343-статья; 2014-жыл, № 4, 85-статья; 2017-жыл, № 4, 134-статья, № 5, 200-статья, № 8, 383-статья; 2018-жыл, № 10, 674-статья; 2019-жыл, № 2, 47-статья, № 3, 162-статья, № 9, 588-статья; 2021-жыл, № 2, 139, 140 -статьялар) төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилсин:
1) Алғы сөз төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Алғы сөз»
Биз, Өзбекстанның бирден-бир халқы, инсан ҳуқықларына ҳәм еркинликлерине, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға, мәмлекетлик суверенитет принциплерине өзиниң садықлығын салтанатлы түрде жәриялап,
халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларының үстинлигин тән алып,
ҳәр бир инсанның ар-намысы, қәдир-қымбаты, пәраўанлығы ҳәм де мәплери ҳаққында ғамхорлық ететуғын, инсаныйлық, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекетти қурыў ҳәм де беккемлеў барысында ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар алдындағы жоқары жуўапкершилигимизди сезе отырып,
ашық, әдалатлы ҳәм бәркамал пуқаралық жәмийетине умтылып,
өзбек мәмлекетшилигиниң үш мың жыллықтан артық тарийхый раўажланыў тәжирийбесине, сондай-ақ, жәҳән ҳәм ислам цивилизациясының раўажланыўына оғада үлкен үлес қосқан уллы бабаларымыздың мәдений мийрасына сүйенип,
демократия идеяларына, социаллық әдиллик, еркинлик ҳәм теңлик сыяқлы қәдириятларға өз садықлығымызды тастыйықлап,
мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын, жаслардың мүнәсип турмыс кешириўин, усы мақсетте билимлендириў, илим, мәденият ҳәм руўхый раўажланыўын тәмийинлеўге умтылып,
бизге шекем жетип келген тәбийий, мәдений, материаллық ҳәм руўхый қәдириятлар ҳәм де байлықларды көбейтиўге ҳәм қорғаўға, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға жигерли түрде бел байлап,
Өзбекстанның жәҳән жәмийетшилиги ҳәм, ең алды менен, қоңсылас мәмлекетлер менен өз-ара бир-бирин қоллап-қуўатлаў, шериклик ҳәм ҳүрмет етиў, тынышлық ҳәм татыўлық тийкарындағы үйлесимли, дослық қатнасықларын беккемлеўге ҳәм де раўажландырыўға умтылып,
пуқаралардың тынышлығын, миллетлер аралық ҳәм конфессиялар аралық татыўлықты ҳәм де кеңпейилликти тәмийинлеў мақсетинде,
Өзбекстан Республикасының усы Конституциясын қабыл етемиз ҳәм жәриялаймыз»;
2) 1-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«1-статья. Өзбекстан – суверен республика, ҳуқықый, социаллық, дүньялық, демократиялық мәмлекет. Мәмлекеттиң «Өзбекстан Республикасы» ҳәм «Өзбекстан» атамалары тең мәнили»;
3) 13 ҳәм 14-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«13-статья. Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланады, оларға муўапық инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа ажыралмас ҳуқықлары ең жоқары қәдирият болып табылады.
Инсанның ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын, ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳүрмет етиў, оларға әмел етиў, оларды қорғаў мәмлекеттиң миннетлемеси болып табылады.
Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тиккелей әмел етеди, нызамлардың мәнисин, мазмунын ҳәм қолланылыўын, мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының искерлигин белгилейди.
Инсанға қарата ҳуқықый тәсир шарасы мәмлекетлик уйым тәрепинен гөзленетуғын нызамлы мақсетке ерисиў ушын жетерли болыўы ҳәм де мәпдар шахсларға мүмкиншилиги барынша қыйыншылық туўдырмаўы керек.
Инсанның мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықларында нызамшылықта жүзеге келетуғын, сапластырып болмайтуғын барлық қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықлар инсан пайдасына шешиледи.
Демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады.
14-статья. Мәмлекет өз искерлигин инсан пәраўанлығын ҳәм де жәмийеттиң турақлы раўажланыўын гөзлеп, социаллық әдиллик ҳәм нызамлылық принциплери тийкарында әмелге асырады»;
4) 15-статья:
төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
«Өзбекстан Республикасының Конституциясы жоқары юридикалық күшке ийе болып, тиккелей әмел етеди ҳәм Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында қолланылады»;
екинши бөлими үшинши бөлим деп есаплансын;
5) 16-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Усы Конституцияның бирде бир қағыйдасы инсан ҳәм пуқараның ҳуқық ҳәм де еркинликлерине, Өзбекстан Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине, усы Конституцияның биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарғы принциплерге ҳәм қағыйдаларға зыян тийгизетуғын тәризде түсиндирилиўи мүмкин емес»;
6 ) 17-статьяның:
биринши бөлими төмендеги мазмундағы биринши ҳәм екинши бөлимлер менен алмастырылсын:
«Өзбекстан Республикасы халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъекти болып табылады. Оның сыртқы сиясаты инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин ҳүрмет етиў, мәмлекетлердиң суверенли теңлиги, күш қолланбаў ямаса күш пенен қәўип туўғызбаў, шегаралардың бузылмаўы, мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў қағыйдаларына ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған басқа да принциплери ҳәм нормаларына тийкарланады.
Өзбекстан барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм тынышлық сүйгиш сыртқы сиясатын алып барады»;
екинши бөлим үшинши бөлим деп есаплансын;
7) 18-статья:
төмендеги мазмундағы биринши ҳәм екинши бөлимлер менен толықтырылсын:
«Өзбекстан Республикасында инсан ҳәм де пуқараның ҳуқықлары ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына тийкарланып ҳәм де усы Конституцияға муўапық тән алынады ҳәм кепилленеди.
Инсанның қәдир-қымбаты, тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлери қол қатылмас, ажыралмас болып табылады ҳәм олар ҳәр кимге туўылғанынан баслап тийисли болады»;
биринши ҳәм екинши бөлимлери тийислисинше үшинши ҳәм төртинши бөлимлер деп есаплансын;
8) 20-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«20-статья. Пуқара өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда басқа шахслардың, жәмийет ҳәм де мәмлекеттиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине зыян тийгизбеўи шәрт.
Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери тек нызам менен ҳәм басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ жәмийет қәўипсизлигин ҳәм тәртибин тәмийинлеў ушын зәрүр болған шеңберде шеклениўи мүмкин»;
9 ) 22-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«22-статья. Өзбекстан Республикасы өз аймағында да, оның тысқарысында да өзиниң пуқараларын қорғаў ҳәм оларға қәўендерлик көрсетиўге кепиллик береди.
Өзбекстан Республикасы пуқарасы Өзбекстаннан тысқарыға шығарып жиберилиўи ямаса басқа мәмлекетке берилиўи мүмкин емес.
Мәмлекет сырт елде жасап атырған пуқаралар ҳәм ўатанласлар менен байланыслардың сақланып қалыўы ҳәм де раўажланыўы ҳаққында ғамхорлық етеди»;
10 ) 24, 25 ҳәм 26-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«24-статья. Жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып, нызам менен қорғалады. Инсанның өмирине қол қатыў ең аўыр жынаят болып табылады.
Өзбекстан Республикасында өлим жазасы қадаған етиледи.
25-статья. Ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе.
Ҳеш ким нызамға тийкарланбаған ҳалда иркиўге алыныўы ямаса қамақта сақланыўы мүмкин емес.
Иркип турыўға, қамаққа алыўға ҳәм қамақта сақлаўға ямаса еркинликти басқаша түрде шеклеўге тек ғана судтың шешимине муўапық жол қойылады. Шахс суд шешим қабыл етпегенше қырық сегиз сааттан көп мүддет иркип турылыўы мүмкин емес. Егер иркип турыў ямаса еркинликти басқаша түрде шеклеў ҳаққындағы шешим белгиленген мүддетте суд тәрепинен қабыл етилмесе, шахс тезлик пенен азат етилиўи керек.
Шахсты иркип турғанда оның ҳуқықлары ҳәм иркип турыў тийкарлары оған түсиникли тилде түсиндирилиўи керек.
Ҳеш ким шәртнамалық миннетлемелерди орынлай алмағанлығына тийкарланып жынайый жуўапкершилликке тартылыўы мүмкин емес.
Ҳеш ким қыйнаўларға салыныўы, күш жумсаўға, басқа аяўсыз, инсанға жат ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетке ямаса жазаға дуўшар етилиўи мүмкин емес.
Ҳеш кимде оның келисимисиз медициналық, илимий ҳәм басқа тәжирийбелер өткерилиўи мүмкин емес.
Ҳәр бир инсан өз шахсын еркин раўажландырыў, нызам менен қадаған етилмеген ҳәм де басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин бузбайтуғын ҳәр қандай ҳәрекетти әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Нызамда белгиленбеген миннетлеме ҳеш кимге оның келисимисиз жүклениўи мүмкин емес.
26-статья. Жынаят ислегенликте айыпланып атырған хәр бир шахстың иси судта нызамлы тәртипте, ашық түрде көрип шығылып, оның айыбы анықланбағанша ол айыпкер болып есапланбайды. Судта айыпланып атырған шахсқа өзин қорғаў ушын барлық шараятлар тәмийинлеп бериледи.
Айыпкерликке тийисли барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери тамамланған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының ямаса судланыўшының пайдасына шешилиўи керек. Нызамды қолланыў процесинде жүзеге келетуғын гүманлар да гүман қылыныўшының, айыпланыўшының ямаса судланыўшының пайдасына шешилиўи керек.
Гүман қылыныўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеп бериўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.
Ҳеш бир шахс өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр емес.
Еркинен айырылған барлық шахсларға қарата инсаныйлық қатнасықта болыў ҳәм олардың жеке қәдир-қымбаты ҳүрмет етилиўи керек.
Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болмаўы керек»;
11) төмендеги мазмундағы 261 ҳәм 262-статьялар менен толықтырылсын:
«261-статья. Ҳәр бир шахс адвокат жәрдеминен өз таңлаўы менен ҳәм де жынаят процесиниң ҳәр қандай басқышында пайдаланыў, шахс иркип турылған болса оның ҳәрекетлениў еркинлиги ҳуқықы әмелде шекленген ўақыттан баслап пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Гүман қылыныўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы айыплаўдың мәниси ҳәм тийкарлары ҳаққында хабардар етилиўи, өзине қарсы көрсетпе берген гүўалар менен жүзлестирилиўи, өзиниң пайдасына көрсетпе берип атырған гүўалардың шақыртырылыўы ҳуқықына ийе.
Нызамды бузған ҳалда алынған дәлиллерден әдил судлаўды әмелге асырыў ўақтында пайдаланыўға жол қойылмайды.
Ҳуқықбузарлықлардан ҳәм ҳәкимиятты өз мәпине пайдаланыўдан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен қорғалады. Мәмлекет жәбирленгенлерге әдил судлаўдан пайдалана алыўын ҳәм келтирилген зыян компенсация етилиўин тәмийинлейди.
Ҳәр бир шахс мәмлекетлик уйымлардың ямаса олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қарсы ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе.
262-статья. Ҳеш ким әйне бир ҳуқықбузарлық ушын еки мәрте жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес.
Ҳеш бир шахс әмелге асырылған ўақытта ҳуқықбузарлық деп табылмаған қылмыс ушын жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес.
Қылмыс ушын жазаны бийкар ететуғын ямаса жеңиллестиретуғын нызам изге қайтыў күшине ийе.
Жуўапкершиликти белгилейтуғын ямаса аўырластыратуғын нызам изге қайтыў күшине ийе емес.
Ҳеш бир инсан рәсмий түрде жәрияланбаған нызамға тийкарланып ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса қандайда-бир ҳуқықынан айырылыўы мүмкин емес»;
12) 27 – 30-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«27-статья. Ҳәр бир инсан жеке турмысының қол қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сыры, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатының қорғалыўы ҳуқықына ийе.
Ҳәр ким өз шахсына тийисли мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына ийе.
Ҳәр бир шахс жазыспаларды, телефон ҳәм басқа телекоммуникация курылмалары арқалы сөйлесиўлерди, почта-телеграф жөнелтпелерин ҳәм де басқа хабарларды әмелге асырыў еркинлиги ҳәм олардың сыр сақланыўы ҳуқықына ийе. Бул ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамда белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте, судтың шешимине тийкарланып жол қойылады.
Ҳәр ким турақ жайына қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. Судтың шешимисиз турақ жайдан айырылыўына жол қойылмайды.
Ҳеш ким шахстың турақ жайына ямаса басқа мал-мүлкине нызамда нәзерде тутылғанынан басқаша жағдайда ҳәм тәртипте кириўге, тинтиў өткериўди ямаса көзден өткериўди әмелге асырыўға ҳақылы емес.
28-статья. Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлы тийкарларда болып турған ҳәр бир шахс республика аймағы бойлап еркин ҳәрекетлениў, турар ҳәм жасаў орнын еркин таңлаў ҳуқықына ийе, буған нызамда белгиленген шеклеўлер кирмейди.
Ҳәр ким республикадан тысқарыға шығыў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы пуқаралары Өзбекстанға тосқынлықсыз қайтыў ҳуқықына ийе.
29-статья. Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе. Ҳәр ким өзи қәлеген мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына ийе.
Ҳәр ким Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына кириў ҳәм оннан еркин пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Усы ҳуқықларды шеклеўге тек ғана әмелдеги конституциялық дүзимди, басқа шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм де тәртипти қорғаў, сондай-ақ мәмлекетлик сыр ямаса басқа сыр деп тән алынған мағлыўмат жәрияланыўының алдын алыў менен байланыслы жағдайларда, нызам менен жол қойылады.
30-статья. Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелери, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар ҳәр кимге өз ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерине тийисли болған нызамшылық ҳүжжетлери, сондай-ақ, ҳүжжетлер, шешимлер ҳәм басқа материаллар менен танысып шығыў мүмкиншилигин тәмийинлеўи шәрт.
Ҳәр ким мәмлекетлик уйымларда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, жәмийетлик бирлеспелерде, шөлкемлерде өзи ҳаққында топланған мағлыўматлар менен танысыў ҳәм надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, сондай-ақ нызамға қарсы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықына ийе»;
13) 32-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«32-статья. Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей ҳәм де өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық түрде шөлкемлестириў, сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў жолы менен әмелге асырылады.
Мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди.
Пуқаралардың жергиликли әҳмийетке ийе болған мәселелерди өз мәплеринен, раўажланыўдың өзине тән тарийхый өзгешеликлеринен, сондай-ақ миллий ҳәм руўхый қәдириятлардан, жергиликли үрп-әдетлер ҳәм де дәстүрлерден келип шыққан ҳалда, ғәрезсиз түрде ҳәм нызам шеңберинде шешиў ҳуқықы ҳәм де оны әмелге асыра алыў қәбилети пуқаралардың өзин-өзи басқарыўы деп тән алынады»;
14) 35-статьяның биринши бөлиминдеги «мәкемелерине ямаса» деген сөзлер «мәкемелерине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына ямаса» деген сөзлер менен алмастырылсын;
15) IX баптың атамасы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«IX бап. Экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықлар»;
16) 36-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Ҳәр ким нызам менен қорғалатуғын мүлкке, соның ишинде интеллектуал мүлкке болған ҳуқыққа ийе»;
17) 37 – 40-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«37-статья. Ҳәр ким мүнәсип мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет шараятларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситилиўлерсиз ҳәм белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан кем болмаған тәризде әдалатлы ҳақы алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғалыў ҳуқықына ийе.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары инсанның өзи ҳәм шаңарағы жасаўы ушын жеткиликли болыўы керек.
Ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлиги себепли ҳаялларды жумысқа қабыллаўдан бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў қадаған етиледи.
Ҳәр бир ислейтуғын ҳаял ҳәмиледар болған жағдайда ҳәм туўыў дәўиринде ҳақы төленетуғын дем алысқа ҳәм де жаңа туўылған нәрестени бағыў ушын дем алысқа ямаса баланы перзентликке алыў ушын дем алысқа шығыў ҳуқықына ийе.
Жазаны судтың ҳүкимине муўапық өтеў тәртибинен басқаша тәртиптеги мәжбүрий мийнет ямаса нызамда нәзерде тутылғанынан басқа жағдайлардағы мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.
Мәжбурий мийнеттен ҳәм балалар мийнетиниң ең жаман формаларынан пайдаланыў қадаған етиледи ҳәм де бул нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
38-статья. Ҳәр бир шахс дем алыў ҳуқықына ийе.
Жалланып ислеп атырған пуқаралар дем алыў ҳуқықына, дем алыў ҳәм байрам күнлери, ҳақы төленетуғын ҳәр жылғы дем алысқа шығыў ҳуқықына ийе.
39-статья. Ҳәр бир шахс қартайғанда, мийнет етиў уқыбынан айырылғанда, жумыссызлықта, майыплықта, сондай-ақ, бағыўшысынан айырылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў ҳуқықына ийе.
Мәмлекет социаллық хызметлер системасын раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратады, мәмлекетлик пенсияларды, напақаларды ҳәм социаллық жәрдемниң басқа түрлерин белгилейди.
Пенсиялардың, напақалардың, социаллық жәрдемниң басқа түрлериниң муғдары рәсмий белгилеп қойылған ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емес.
Мәмлекет социаллық тәрептен мүтәжлиги бар ҳәм кем тәмийинленген, турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларды нызамда белгиленген тәртипте турақ-жай менен тәмийинлейди.
Мәмлекет майыплығы болған шахслардың ҳуқық ҳәм мәплерин әмелге асырыў ушын зәрүр тең шараятларды жаратады.
Майыплығы болған шахсларға қатнаслы ҳәр қандай ажыратып қойыў, есапқа алмаў, шетлетиў, шеклеў ямаса артықша тәрепин алыў, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың объектлер ҳәм хызметлерден пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыўдан бас тартыў қадаған етиледи.
40-статья. Ҳәр ким денсаўлығының қорғалыўы ҳәм қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы пуқаралары медициналық жәрдемниң нызамда белгиленген ҳәм де тез ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдемди де өз ишине алатуғын кепилленген көлемде жәрдем алыўға ҳақылы.
Мәмлекет денсаўлықты сақлаўдың мәмлекетлик, жеке ҳәм басқа системаларын раўажландырыў, санитария-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў, медициналық қамсызландырыўдың түрли формаларын раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў бойынша зәрүр илажлар көреди.
Мәмлекет турақлы раўажланыў принципине муўапық қоршап турған тәбийий орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық тең салмақлылықты сақлаў бойынша илажларды әмелге асырады.
Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, оны социаллық, экономикалық жақтан турақлы раўажландырыў бойынша зәрүр илажлар көреди»;
18) төмендеги мазмундағы 401-статья менен толықтырылсын:
«401-статья. Ҳәр ким саламат ҳәм қолайлы қоршап турған тәбийий орталыққа, оның жағдайы ҳаққындағы ҳақыйқый мәлимлемеге ийе болыў ҳәм де өз денсаўлығына ямаса мал-мүлкине экологиялық ҳуқықбузарлық себепли келтирилген зыянның орны қапланыўы ҳуқықына ийе»;
19 ) 41-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«41-статья. Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе.
Мәмлекет мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыўға көмеклеседи.
Мәмлекет ҳәр бир баланың улыўма орта билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кириўи ушын мәжбүрий бир жыллық таярлықтан өтиўге болған ҳуқықына кепиллик береди.
Бийпул улыўма орта билим алыўға мәмлекет тәрепинен кепиллик бериледи. Улыўма орта билим мәжбүрий болып табылады.
Мектеп ислери, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия мәмлекет қадағалаўында болады.
Билимлендириў бойынша айрықша мүтәжликлерге ҳәм индивидуал мүмкиншиликлерге ийе болған балалар ушын билимлендириў шөлкемлеринде инклюзив билимлендириў ҳәм тәрбия шөлкемлестириледи.
Мәмлекет қәбилетли жаслардың материаллық жағдайына қарамастан, билимлендириўди даўам етиўине кепиллик береди.
Мәмлекетке қараслы, жеке ҳәм басқа формадағы билимлендириў мәкемелери ҳәм де шөлкемлерин раўажландырыў ушын мәмлекет тең шараятлар жаратады.
Педагог хызметкерлердиң статусын ҳәр тәреплеме беккемлеў – жәмийет ҳәм мәмлекеттиң мақсети ҳәм де жуўапкершиликли ўазыйпасы болып табылады.
Педагог хызметкерлердиң кәсиплик жумысына араласыўға, сондай-ақ олардың хызмет миннетлерин орынлаўына тосқынлық етиўге жол қойылмайды»;
20) төмендеги мазмундағы 411-статья менен толықтырылсын:
«411-статья. Ҳәр ким мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде таңлаў тийкарында бийпул жоқары мағлыўмат алыўға ҳақылы.
Жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери нызамда белгиленген шеңберде өзин-өзи басқарыў, академиялық еркинлик, сондай-ақ изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықына ийе.
Мәмлекет илим-пәнди раўажландырыўға, жәҳән илимий жәмийетшилиги менен илимий байланыслар орнатыўға көмеклеседи»;
21) 42-статьяның биринши бөлиминдеги «илимий ҳәм техникалық» деген сөзлер «илимий, техникалық ҳәм көркем» деген сөзлер менен алмастырылсын;
22) IХ бап төмендеги мазмундағы 421-статья менен толықтырылсын:
«421-статья. Мәмлекет дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў, балалар ҳәм де жасларды руўхый ҳәм әдеп-икрамлық тәрептен тәрбиялаў ушын зәрүр шараятлар жаратады»;
23) 43 ҳәм 44-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«43-статья. Инсан ҳәм пуқараның ҳуқық ҳәм де еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары мақсети болып табылады.
Мәмлекет инсан ҳәм пуқараның Конституцияда ҳәм де нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлейди.
Ҳәр бир шахс өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
44-статья. Ҳәр кимге өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.
Ҳәр бир шахс өзиниң бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин қайта тиклеў ушын өз иси ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен ақылға сай мүддетлерде, теңлик, тартысыў ҳәм әдиллик принциплери тийкарында көрип шығылыўы ҳуқықына ийе.
Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де нызамлы мәплери қорғалыўы ушын инсан ҳуқықлары бойынша миллий ҳәм халықаралық институтларға мүрәжат етиўге ҳақылы»;
24) 45-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
«Мәмлекет халықтың социаллық тәрептен мүтәжлиги бар тайпаларының турмыс сапасын арттырыўға, оларға жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында басқа пуқаралар менен тең түрде қатнасыў ушын шараятлар жаратыўға ҳәм де олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз түрде тәмийинлеў мүмкиншиликлерин кеңейтиўге қаратылған илажлар көреди»;
25) 49-статьяның екинши бөлими төмендеги мазмундағы екинши ҳәм үшинши бөлимлер менен алмастырылсын:
«Тарийхый, руўхый, мәдений ҳәм тәбийий мийраслар мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Мәмлекет ҳәм жәмийет миллий қәдириятларды қорғаў, Өзбекстан халқының руўхый ҳәм мәдений мийрасының үзликсизлигин тәмийинлеў ҳаққында ғамхорлық етеди»;
26 ) 52-статья:
төмендеги мазмундағы биринши бөлим менен толықтырылсын:
«Ўатанға болған садықлық муқаддес есапланады»;
биринши бөлими екинши бөлим деп есаплансын;
27) үшинши бөлимниң атамасы төмендеги редакцияда баян етилсин:
«ҮШИНШИ БӨЛИМ. ПУҚАРАЛЫҚ ЖӘМИЙЕТИ ҲӘМ ШАХС»;
28) XII бап төмендеги редакцияда баян етилсин:
«XII бап. Жәмийеттиң экономикалық негизлери
53-статья. Базар қатнасықларын раўажландырыўға бағдарланған Өзбекстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет тутыныўшылардың ҳуқықларының үстинлигин есапқа алған ҳалда, экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине, ҳадал еркин бәсекини, меншиктиң барлық түрлериниң ҳуқықый жақтан тең түрде қорғалыўына кепиллик береди.
Жеке меншик қол қатылмас ҳәм мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Мәмлекет экономика тармақларының ҳәм аймақлардың үйлесимли ҳалда раўажландырылыўы ушын шараятлар жаратады, сондай-ақ, экономикалық ресурслардың әдил түрде бөлистирилиўин тәмийинлейди.
Мәмлекет исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы исбилерменлик орталығын ҳәм инвестициялық орталықты, шараятларды тәмийинлейди.
Исбилерменлер нызамшылықта қадаған етилмеген ҳәр қандай искерликти әмелге асырыўға, өз искерлигиниң бағдарын ғәрезсиз түрде таңлаўға, исбилерменликтен шекленбеген муғдарда дәрамат алыўға ҳақылы.
Өзбекстан Республикасында товарлардың, хызметлердиң, жумысшы күшиниң ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўине кепиллик бериледи.
Товарлардың, хызметлердиң, жумысшы күшиниң ҳәм финанслық қаржылардың ҳәрекетлениўин шеклеўге қаратылған илажлар, егер олар қәўипсизликти, адамлардың өмири ҳәм денсаўлығы қорғалыўын, тәбият ҳәм мәдений мийрас объектлериниң қорғалыўын тәмийинлеў ушын зәрүр болса, нызамшылыққа муўапық енгизилиўи мүмкин.
Экономикалық искерликте инсапсыз бәсекиге, монополластырыўға жол қойылмайды.
Мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў нәтийжелери қайта көрип шығылмайды ҳәм де бийкар етилмейди.
531-статья. Ҳеш бир шахс өзиниң мал-мүлкинен судтың шешимисиз айырылыўы мүмкин емес. Мүлкти жәмийетлик мүтәжликлер ушын мәжбүрий түрде басқа шахсқа өткериў нызамда нәзерде тутылған айрықша жағдайларда ҳәм де тәртипте оның орнын алдын-ала ҳәм тең баҳада қаплаў шәрти менен әмелге асырылыўы мүмкин.
54-статья. Меншик ийеси мал-мүлкине өзиниң қәлеўи бойынша ийелик етеди, оннан пайдаланады ҳәм бийлик етеди. Мал-мүлктен пайдаланыў қоршап турған тәбийий орталыққа зыян тийгизбеўи, пуқаралардың, юридикалық шахслардың, мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм де нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы тийис.
55-статья. Жер, жер асты байлықлары, суў, атмосфера ҳаўасы, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм де басқада тәбийий ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет мүлкинде болады.
Жер нызамда нәзерде тутылған шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке меншик те болыўы мүмкин.
Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер, тоғай фонды мәмлекетке тийисли болып, исбилерменлик субъектлерине ижара шәртнамалары тийкарында ажыратылады.
Тәбийий ресурслардан ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет тәрепинен қорғалады»;
29 ) 56-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«56-статья. Пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде мәкан-кеңеслер, сиясий партиялар, ҳәрекетлер, ғалаба хабар қураллары, кәсиплик аўқамлары, жәмийетлик фондлар ҳәм шахслардың басқа жәмийетлик бирлеспелери пуқаралық жәмийетиниң тийкарын қурайды, оның мазмунын белгилейди. Олар пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин, демократиялық қәдириятларды қорғаўға, социаллық ҳәм де мәдений мақсетлерге ерисиў ушын көмеклесиўге, жәмийеттиң руўхый ҳәм басқа материаллық емес мүтәжликлерин қанаатландырыўға қаратылған»;
30) 61-статья төмендеги мазмундағы екинши ҳәм үшинши бөлимлер менен толықтырылсын:
«Өзбекстан Республикасында нызамда белгиленген тәртипте жумыс алып барып атырған барлық диний шөлкемлер жумысының еркинлигине кепиллик бериледи.
Мәмлекет конфессиялардың тыныш-татыў жасаўына кепил болады»;
31) 63 ҳәм 64-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«63-статья. Шаңарақ жәмийеттиң тәбийий ҳәм тийкарғы буўыны, халықты сақлап қалыў ҳәм де көбейтиў негизи ретинде жәмийет ҳәм мәмлекеттиң айрықша қорғаўында болады.
Неке ҳаял ҳәм ер адамдың ықтыярлы келисимине ҳәм тең ҳуқықлылығына тийкарланады.
Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын зәрүр болған социаллық ҳәм экономикалық шараятларды жаратады.
Мәмлекет көп балалы шаңарақларға нызамға муўапық жеңилликлер ҳәм социаллық кепилликлер берилиўин тәмийинлейди.
64-статья. Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өзиниң балаларын ержеткенге шекем бағыўы, олардың тәрбиясы, билими, саламат, толық ҳәм үйлесимли жетилисиўи ҳаққында қайғырыўы шәрт.
Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-анасының қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыўды, тәрбиялаўды, олардың саламат, жетик раўажланыўын ҳәм билим алыўын тәмийинлейди, бул бағдардағы қайырқомлық жумысын хошаметлейди»;
32) 65-статьяның екинши бөлими төмендеги мазмундағы екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлер менен алмастырылсын:
«Баланың мәплери, балалардың толық, физикалық, ақылы жақтан ҳәм мәдений раўажланыўы ушын барлық шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли тийкарғы бағдары болып табылады.
Аналық, аталық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады.
Мәмлекет ҳәм жәмийет балаларда ҳәм де жасларда миллий ҳәм улыўмаинсаный қәдириятларға садықлықты, уллы бабаларымыздың бай руўхый мийрасын мақтаныш етиў сезимин қәлиплестириў ҳаққында ғамхорлық етеди»;
33) 70 ҳәм 71-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«70-статья. Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының қурамына киреди.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасының Конституциясында ҳәм де нызамшылығында нәзерде тутылған барлық ҳуқық ҳәм еркинликлер кепилленеди.
71-статья. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң Конституциясына ийе.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм де нызамлары Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамларына қайшы болыўы мүмкин емес.
34) 72-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
«Қарақалпақстан Республикасының нызамшылығы Өзбекстан Республикасының бирден-бир ҳуқықый системасына киреди ҳәм ол Өзбекстан Республикасы нызамшылығының қурамлық бөлими есапланады»;
35) 74 ҳәм 75-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«74-статья. Қарақалпақстан Республикасы өзиниң аймағында нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятын Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳәм де нызамларына, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына муўапық әмелге асырады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының жоқары лаўазымлы шахсы болып табылады.
75-статья. Өзбекстан Республикасы Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, мәдений, инновациялық тәрептен ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын зәрүр финанслық, материаллық, шөлкемлестириў-техникалық ҳәм басқа шараятларды жаратады.
Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ҳәкимиятының нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятының жоқары уйымларында өз ўәкиллерине ийе болады»;
36) 77-статья төмендеги мазмундағы алтыншы бөлим менен толықтырылсын:
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, жергиликли ҳәкимият ўәкиллик уйымларының депутаты болыўы мүмкин емес»;
37) 78-статья биринши бөлиминиң:
4-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«4) Өзбекстан Республикасының ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы мәселелерди көрип шығыў, мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларды қабыллаў»;
15, 16 ҳәм 17-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«15) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы менен Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасын көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўының әҳмийетли мәселелери бойынша Бас министрдиң есабатларын тыңлаў ҳәм додалаў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр жылғы баянатын көрип шығыў;
16) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилин (омбудсманды), Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилин сайлаў;
17) Өзбекстан Республикасы Есап палатасының есабатын, Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы ҳәр жылғы Миллий баянатты көрип шығыў»;
38) 80-статья:
төмендеги мазмундағы 5-бәнт пенен толықтырылсын:
«5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы менен Өзбекстан Республикасы Есап палатасының баслығын тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў»;
6-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«6) Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасы Бас прокурорын ҳәм Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорын тайынлаў ҳәм де оларды лаўазымынан босатыў ҳаққындағы пәрманларын тастыйықлаў»;
8-бәнти төмендеги редакцияда баян етилсин:
«8) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы менен Өзбекстан Республикасының сырт ел мәмлекетлериндеги ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы дипломатиялық ўәкиллерин тайынлаў ҳәм де оларды лаўазымынан босатыў, сондай-ақ, олардың искерлиги менен байланыслы мәселелер бойынша есабатларын тыңлаў»;
39) 83-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«83-статья. Нызамшылық басламасы ҳуқықына Өзбекстан Республикасы Президенти, өз мәмлекетлик ҳәкимиятының жоқарғы ўәкилликли уйымы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасының депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ийе. Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды, Жоқарғы суды, Судьялар Жоқарғы Кеңеси ҳәм Бас прокуроры да өзиниң ўәкилликлерине тийисли мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе.
Нызамшылық басламасы ҳуқықы нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў арқалы әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳуқықына ийе болған, жүз мыңнан кем болмаған пуқаралары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы нызамшылыққа байланыслы усынысларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына нызамшылық басламасы тәртибинде киргизиўге ҳақылы.
Нызам жойбарларын, нызамшылыққа байланыслы усынысларды киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртиби нызам менен белгиленеди»;
40) 84-статьяның:
екинши бөлиминдеги «он» деген сөз «жигирма» деген сөз бенен алмастырылсын;
үшинши бөлиминдеги «он күн ишинде» деген сөзлер «жигирма күннен кешиктирмей» деген сөзлер менен алмастырылсын;
төртинши бөлиминдеги «отыз күн ишинде» деген сөзлер «еки айдан кешиктирмей» деген сөзлер менен алмастырылсын;
41) 90-статьяның екинши бөлиминдеги «бес» деген сөз «жети» деген сөз бенен алмастырылсын;
42) 93-статья биринши бөлиминиң:
6 ҳәм 7-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«6) Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы дипломатиялық ўәкиллерин тайынлаў ушын кандидатураларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына усынады;
7) ишки ҳәм сыртқы сиясаттың ең әҳмийетли тийкарғы стратегиялық бағдарларын белгилейди ҳәм де олардың орынланыўына байланыслы мәселелер бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине мүрәжатлар жоллайды»;
12 ҳәм 13-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«12) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорын ҳәм де Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорын тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады, кейин-ала бул мәселелерди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тастыйықлаўына киргизеди;
13) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына кандидатураларды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Судъялар Жоқарғы Кеңеси баслығы, Өзбекстан Республикасы Орайлық банк басқармасының баслығы, Өзбекстан Республикасы Есап палатасы баслығы лаўазымларына кандидатураларды усынады»;
25-бәнти төмендеги мазмундағы 25, 26 ҳәм 27-бәнтлер менен толықтырылсын:
«25) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесин қәлиплестиреди ҳәм басқарады;
26) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәсләҳәт-кеңес уйымларын ҳәм басқа уйымларды қәлиплестиреди;
27) усы Конституцияда ҳәм Өзбекстан Республикасының нызамларында нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырады»;
43) 98-статья екинши бөлиминиң:
1, 2 ҳәм 3-бәнтлери төмендеги редакцияда баян етилсин:
«1) экономикалық, социаллық, экологиялық, финанслық, пул-кредит сиясатының алып-барылыўы, илим-билимлендириў, мәденият, билимлендириўди, денсаўлықты сақлаў ҳәм де экономиканың ҳәм социаллық тараўдың басқа тармақларын нәтийжели раўажландырыў бойынша бағдарламалардың ислеп шығылыўы ҳәм де әмелге асырылыўы ушын жуўапкер;
2) пуқаралардың экономикалық, социаллық, экологиялық ҳәм басқа ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерин қорғаў бойынша илажларды әмелге асырады;
3) мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырады ҳәм бағдарлайды, олардың жумысы үстинен нызамда белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди»;
6-бәнти төмендеги мазмундағы 6 – 9-бәнтлер менен алмастырылсын:
«6) мәмлекеттиң жасларға тийисли сиясатының әмелге асырылыўын тәмийинлейди, шаңарақты қоллап-қуўатлаў, беккемлеў ҳәм қорғаў, дәстүрий шаңарақлық қәдириятларды сақлап қалыў илажларын көреди;
7) социаллық қорғаў, соның ишинде майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў системасының жумыс алып барыўын тәмийинлейди;
8) пуқаралық жәмийети институтларын, сондай-ақ жәмийетлик бирлеспелерди қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырады, социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм орынлаўда олардың қатнасыўын тәмийинлейди, социаллық шериклик бойынша бағдарламалардың әмелге асырылыўын тәмийинлейди»;
9) усы Конституцияда ҳәм Өзбекстан Республикасының нызамларында нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады»;
4) 99, 100 ҳәм 101-статьялар төмендеги редакцияда баян етилсин:
«99-статья. Ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардағы (районға бағынатуғын қалалардан тысқары) халық депутатлары Кеңеслери ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары болып табылады.
Тийисли аймақтағы атқарыў ҳәкимиятына ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкими басшылық етеди.
Халық депутатлары Кеңесине оның депутатлары арасынан нызамға муўапық сайланатуғын баслық басшылық етеди.
Халық депутатлары Кеңеслери депутатларын сайлаў тәртиби нызамда белгиленеди.
Халық депутатлары Кеңеслериниң ҳәм ҳәкимлердиң жумысын шөлкемлестириў нызам менен тәртипке салынады.
Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлери мүддети – бес жыл. Жаңадан шөлкемлестирилген ҳәкимшилик аймақлық бирликлерде халық депутатлары Кеңеслерине сайлаў халық депутатлары Кеңеслерине гезектеги улыўма сайлаўларға шекем болған дәўирден аспайтуғын мүддетке өткериледи.
100-статья. Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлери қатарына төмендегилер киреди:
аймақты раўажландырыўдың узақ келешекке мөлшерленген бағдарламаларын, район, қаланың бас жобасын ҳәм оны қурыў қағыйдаларын ҳәкимниң усынысы менен тастыйықлаў;
тийисли жергиликли бюджетлерди ҳәкимлердиң усынысы менен көрип шығыў ҳәм қабыллаў, бул бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды тастыйықлаў;
жергиликли салықлар ставкаларын ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди нызамшылықта белгиленген муғдарлар шеңберинде белгилеў;
бюджеттен тысқары фондларды қәлиплестириў;
ҳәкимди ҳәм оның орынбасарларын лаўазымға тастыйықлаў, олардың жумысы ҳаққындағы есабатларды тыңлаў;
нызамшылықта белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте халық депутатларының ўәкилликлерин тән алыў ҳәм де мүддетинен алдын тоқтатыў, оларды жуўапкершиликке тартыў ушын келисим бериў;
нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәкимниң шешимлерин тастыйықлаў;
тийисли прокурорлардың, ишки ислер уйымлары басшыларының, әдиллик уйымларының ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымлары басқа бөлимлериниң есабатларын тыңлаў;
ҳәкимниң ҳәм төмен турыўшы халық депутатлары Кеңесиниң Өзбекстан Республикасы нызамшылығына муўапық болмаған шешимлерин бийкарлаў;
нызамда нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў.
101-статья. Ўәлаятлар, районлар, қалалар ҳәкимлериниң ўәкилликлери қатарына төмендегилер киреди:
нызамларды ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарларын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң, Министрлер Кабинетиниң пәрманларын, қарарларын ҳәм бийликлерин, жоқары турыўшы уйымлардың ҳәм де тийисли халық депутатлары Кеңесиниң шешимлерин орынлаў;
денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, жәмийетлик транспорт системаларының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў;
аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений жақтан раўажландырыўды тәмийинлеўге қаратылған илажларды әмелге асырыў;
пуқаралардың экономикалық, социаллық ҳәм басқа ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерин қорғаўға, олардың қәўипсизлигин ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге тийисли илажларды әмелге асырыў;
муниципал мүлкти ҳәм жергиликли коммунал хожалығын басқарыў;
қоршап турған тәбийий орталықтың қорғалыўын тәмийинлеў;
пуқаралардың бос ўақтын шөлкемлестириў ҳәм мәденият тараўындағы хызметлерден пайдаланыўын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў;
жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынлаў;
халық депутатлары Кеңеслерине ўәлаятты, районды, қаланы экономикалық ҳәм социаллық тәрептен раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын, ўәлаят ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң, район ҳәм қала бюджетиниң тийисли жойбарларын, сондай-ақ, олардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларды усыныў;
нызамда белгиленген жағдайларда, төменги турыўшы ҳәкимлердиң шешимлерин бийкарлаў ҳәм халық депутатлары Кеңесине төменги турыўшы халық депутатлары Кеңеслериниң ҳүжжетлерин бийкарлаў ҳаққында усыныс киргизиў;
республикада ҳәм шет елде ўәлаят, район ҳәм де қаланың рәсмий ўәкили ретинде ис жүргизиў;
нызамда нәзерде тутылған басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў»;
45) 102-статьяның:
биринши бөлими алып таслансын;
екинши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлери тийислисинше биринши, екинши ҳәм үшинши бөлимлер деп есаплансын;
46) 103-статьяның үшинши бөлими алып таслансын;
47) 105-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«105-статья. Баслықты ҳәм өзиниң басқарыў уйымларын сайлайтуғын мәкан-кеңеслер қалалардағы, посёлкалардағы ҳәм аўыллардағы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары болып табылады.
Мәкан-кеңеслер мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары системасына кирмейди ҳәм өз ўәкилликлери шеңберинде ғәрезсиз.
Мәмлекет мәкан-кеңеслер искерлигин әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратады, оларға нызамшылықта берилген ўәкилликлерди әмелге асырыўды көмеклеседи.
Мәкан-кеңеслер искерлигиниң ҳуқықый тийкарлары, сондай-ақ мәкан-кеңес баслығын ҳәм басқарыў уйымларын сайлаў тәртиби, ўәкилликлери көлеми нызам менен белгиленеди»;
48) 109-статья биринши бөлиминиң:
6-бәнтиндеги «конституциялық судлаў ислерин жүргизиў әмелиятын улыўмаластырыў нәтийжелери бойынша» деген сөзлер алып таслансын;
7-бәнти төмендеги мазмундағы 7 ҳәм 8-бәнтлер менен алмастырылсын:
«7) пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың белгили бир исте суд тәрепинен оларға қарата қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығын тексериў ҳаққындағы шағымларын көрип шығады;
8) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары менен берилген ўәкиллиги шеңберинде басқа ислерди көрип шығады»;
49) 111-статьяның биринши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Өзбекстан Республикасы Судъялар Жоқарғы Кеңеси судьялар жәмийетшилигиниң суд корпусы қәлиплестирилиўин, суд ҳәкимияты ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўши ғәрезсиз уйым болып табылады»;
50) 112-статья:
биринши бөлиминдеги «әдил судлаўды әмелге асырыўда» деген сөзлер алып таслансын;
төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
«Судьяларды алмастырып болмайды. Олардың ўәкилликлери тек ғана нызамда белгиленген тәртипте ҳәм тийкарларға муўапық тамамланылыўы ямаса тоқтатылыўы мүмкин»;
екинши – бесинши бөлимлери тийислисинше үшинши – алтыншы бөлимлер деп есаплансын;
алтыншы бөлими алып таслансын;
51) 116-статья төмендеги редакцияда баян етилсин:
«116-статья. Ҳәр кимге қәнигели юридикалық жәрдем алыўға болған ҳуқық кепилленеди. Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық жәрдем бийпул көрсетиледи.
Тергеўдиң ҳәм суд исин жүргизиўдиң ҳәр қандай басқышында қәнигели юридикалық жәрдемге болған ҳуқық кепилленеди. Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға юридикалық жәрдем көрсетиў ушын ғәрезсизлик ҳәм өзин-өзи басқарыў принциплерине тийкарланған адвокатура ҳәрекет етеди. Адвокатураны шөлкемлестириў ҳәм оның искерлиги тәртиби нызам менен белгиленеди.
Адвокат шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша өз кәсиплик ўазыйпаларын әмелге асырып атырғанда оның искерлигине араласыўға жол қойылмайды»;
52) 117-статьяның жетинши бөлими төмендеги редакцияда баян етилсин:
«Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўды, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының тийкарғы принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, жәриялылық ҳәм әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы дүзиледи»;
53) 122-статья төмендеги мазмундағы үшинши ҳәм төртинши бөлимлер менен толықтырылсын:
«Өзбекстан Республикасында Мәмлекетлик бюджетин ҳәм мәмлекет қарызын қәлиплестириў ҳәм де орынлаў тәртиби ашықлық ҳәм жәриялылық принциплери тийкарында әмелге асырылады.
Пуқаралар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қәлиплестирилиўи ҳәм орынланыўы үстинен жәмийетшилик қадағалаўын әмелге асырады. Пуқаралардың бюджет процесинде қатнасыў тәртиби ҳәм формалары нызамда белгиленеди»;
54) 127-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:
«Усы Конституцияның 1-статьясының ҳәм усы статьясының екинши бөлиминиң қағыйдалары қайта көрип шығылыўы мүмкин емес».
2-статья. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
ҳүкимет қарарларын усы Конституциялық Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Конституциялық Нызамға қайшы болған өз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўы ҳәм бийкар етиўин тәмийинлесин;
усы Конституциялық Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәм де мәниси ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
3-статья. Усы Конституциялық Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.




