Жойбар
ҚАРАҚАЛПАҚСТаН РЕСПУБЛИКАСыНыӊ НЫЗАМЫ
ҲҮЖДАН ЕРКИНЛИГИ ҲӘМ ДИНИЙ ШӨЛКЕМЛЕР
ҲАҚҚЫНДА
I-бап. Улыўма қағыйдалар
1-статья. Бул Нызамның мақсети
Усы Нызамның мақсети ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды, сондай-ақ диний шөлкемлердиң жумысын тәртипке салыўдан ибарат.
2-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылық
Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылық Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары, усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлеринен ибарат болып табылады.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Қарақалпақстан Республикасының ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.
3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
диний билимлендириў мәкемеси – белгили бир конфессияға тийисли болған, диний шөлкемлердиң профессионал хызметкерлерин ҳәм олар ушын зәрүр болған диний хызметкерлерди таярлаў ушын диний шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы бойынша орайлық басқарыў уйымы тәрепинен шөлкемлестирилген мәкеме;
диний шөлкем – пуқаралардың белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген, биргеликте динге исениў, сыйыныў, диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлерди орынлаў мақсетинде шөлкемлестирилген, дәрамат (пайда) алыўды өз жумысыныӊ тийкарғы мақсети етип алмаған ҳәмде алынған дәраматларды (пайданы) өз қатнасыўшылары (ағзалары) арасында бөлистирмейтуғын ықтыярлы бирлеспе (жергиликли диний шөлкем, диний билимлендириў мәкемеси ҳәм диний шөлкемлердиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарыў уйымы);
диний шөлкемлердиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарыў уйымы – бир конфессияныӊ жергиликли диний шөлкемлери, сондай-ақ диний билимлендириў мәкемелери жумысын муўапықластырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының кеминде сегиз ҳәкимшилик-аймақлық бирлигинде (Нөкис қаласы ҳәм районларда) дизимнен өтип жумыс алып барып атырған жергиликли диний шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген диний шөлкем;
жергиликли диний шөлкем – Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған, он сегиз жасқа толған, елиў адамнан кем болмаған Өзбекстан Республикасы пуқараларының басламасы менен шөлкемлестирилген, жумысын қала ҳәм районлар аймағында әмелге асырыўшы диний шөлкем (мешитлер, ширкеўлер, синагогалар, ибадатханалар ҳәм басқалар);
миссионерлик – анық мақсетке қаратылған идеологиялық тәсир өткериў арқалы шахсты (бир топар шахсларды) өз динине киргизиў мақсетинде оған (оларға) диний көз-қарасларды мәжбүрий сиӊдириўге ҳәм диний тәлийматты тарқатыўға байланыслы жумыс;
нызамға қайшы диний жумыс – диний шөлкем сыпатында дизимнен өтпестен жумыс алып барыў, диний шөлкем тәрепинен жумысын өзи турған орыннан, соныӊ ишинде сыйынатуғын имаратлардан ҳәм диний шөлкемге тийисли аймақлардан сыртта алып барыў, сондай-ақ диний билимлендириў мәкемелеринен сыртта жеке тәртипте диний билим бериў жумысы менен шуғылланыў;
диний профессионал билимлендириў – диний билимлендириў мәкемелеринде оқыўшыларға белгили бир конфессияға тийисли диний билимлер бериўге қаратылған процесс;
прозелитизм – миссионерлик жумысыныӊ бир конфессияға сыйыныўшыларды басқа конфессияларға өткериўге қаратылған формасы.
2-бап. Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў тийкарлары
4-статья. Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў
Ҳүждан еркинлиги – бул пуқаралардың қәлеген динге исениўи ямаса ҳеш қайсы динге исенбеўи бойынша кепилленген конституциялық ҳуқықы болып табылады.
Пуқара динге, динге исениўге ямаса исенбеўге, сыйыныўларда, диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлерде қатнасыўға ямаса қатнаспаўға, диний билим алыўға өз мүнәсибетин белгилеп атырғанда оны мәжбүрлеўге жол қойылмайды.
Ержетпегенлерди олардың еркине, ата-анасының ямаса нызамлы ўәкиллериниң еркине қарсы түрде диний шөлкемлерге тартыўға жол қойылмайды.
Өз динине исениў еркинлигине тек нызамда нәзерде тутылған шеклеўлер енгизиледи.
Қарақалпақстан Республикасының конституциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиў, оның суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине зыян жеткериў, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситиў, урысты, миллий, рассалық, этникалық ямаса диний өшпенлиликти үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың денсаўлығы ҳәм этикасына қәўип салыў, пуқаралардыӊ татыўлығын бузыў, жағдайды турақсызландырыўшы дөҳметтен ибарат жалғанларды тарқатыў, халықтыӊ арасында қорқыныш пайда етиў ҳәмде шахс, жәмийет ҳәм мәмлекетке қарсы қаратылған басқа да ҳәрекетлерди әмелге асырыў мақсетинде диннен пайдаланыўға жол қойылмайды.
5-статья. Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы үстинликлери
Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы үстинликлери төмендегилерден ибарат:
пуқаралардың динге мүнәсибетиниӊ қандай екенлигине қарамастан, диний көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қоймаған ҳалда, олардың ҳүждан еркинлигине болған өз ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын тең шараятлар жаратыў;
конфессиялар арасындағы тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетте диний кеӊпейиликти тәмийинлеў;
ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўде дүньялық мәмлекет қурылыўын сақлап қалыў;
ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылыққа пуқаралар ҳәм диний шөлкемлер тәрепинен әмел етилиўин тәмийинлеў;
жәмийетлик тәртипке, пуқаралардыӊ саламатлылығы ҳәм этикасына, ҳуқық ҳәм еркинликлерине қәўип салыўшы диний идеялар ҳәм көз-қараслардың сиңдирилиўи ҳәм тарқатылыўына қарсы гүресиў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет ҳүждан еркинлигин, сондай-ақ ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықтың әмелде избе-излик ҳәмде бир түрде қолланылыўын тәмийинлеўге байланыслы илажлардың әмелге асырылыўы ушын жуўапкер болған ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып табылады (буннан былай текстте ўәкилликли уйым деп жүргизиледи).
6-статья. Пуқаралардың динге мүнәсибетиниӊ қандай болыўына қарамастан тең ҳуқықлылығы
Пуқаралар динге мүнәсибетине қарамастан, нызам алдында тең болып табылады.
Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен тең түрде ҳүждан еркинлиги ҳәм динге исеним еркинлиги ҳуқықынан пайдаланады ҳәмде ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын нызамда белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Рәсмий ҳүжжетлерде пуқаралардың динге байланыслы мүнәсибетин көрсетиўге жол қойылмайды.
Пуқаралардың ҳуқықларын олардың динге мүнәсибетине қарап ҳәр қандай тәризде шеклеў ҳәм туўрыдан-туўры ямаса басқа жоллар менен үстинликлер белгилеў, олардың диний ямаса атеистлик исеними менен байланыслы ҳалда пуқараларда өшпенлилик ҳәм ғәзеп оятыў яки олардың сезим-туйғыларын кемситиў, сондай-ақ муқаддес диний сыйыныў объектлерин кемситиў нызамда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.
Нызамда белгиленген миннетлемелерди орынлаўдан ҳеш ким өз диний исенимлерин себеп етип бас тартыўы мүмкин емес. Диний исенимлерди себеп етип, бир миннетлемени орынлаўды басқасына алмастырыўға тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда жол қойылады.
Бир динге ямаса диний исенимге басқаларына қарағанда қандай да бир үстинликлер ямаса шеклеўлер белгилеўге жол қойылмайды.
7-статья. Динниӊ мәмлекеттен ажыратылғанлығы
Қарақалпақстан Республикасында дин мәмлекеттен ажыратылған. Қарақалпақстан Республикасында диний шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысы өз-ара араласпаў тийкарында әмелге асырылады.
Мәмлекет түрли динлерге исенетуғын ҳәм оларға исенбейтуғын пуқаралар, түрли динлерге тийисли диний шөлкемлер арасында өз-ара келисим ҳәм ҳүрмет орнатылыўына көмеклеседи, диний догматизм ҳәм экстремизмге, мүнәсибетлерди қарама-қарсы қойыў ҳәм кескинлестириўге, түрли конфессиялар арасында қарама-қарсылықты ҳәўиж алдырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлерге жол қоймайды.
Мәмлекет конфессиялардыӊ тыныш-татыў жасаўына кепил болады. Миссионерлик ҳәм прозелитизмди әмелге асырыўға жол қойылмайды.
Мәмлекет диний шөлкемлерге мәмлекеттиң қандай да бир ўазыйпаларын орынлаўды жүклемейди, олардың нызамшылыққа қайшы болмаған жумысына араласпайды. Диний шөлкемлер мәмлекет ўазыйпаларын орынламайды. Мәмлекет диний шөлкемлердиң жумысын қаржыландырмайды ҳәм динге исениўшилардиӊ дин менен байланыслы сезим-туйғыларын кемситетуғын жумысқа жол қоймайды.
Қарақалпақстан Республикасында диний руўхтағы сиясий партия ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспениң, республикадан сыртта дүзилетуғын диний партиялардың ўәкилханалары ҳәм филиаллардың дүзилиўине ҳәм жумысына, сиясий партиялар ҳәм сиясий мақсетлерди гөзлеўши басқа да жәмийетлик бирлеспелердиң жумысына диний шөлкемлердиң қатнасыўына, сондай-ақ оларға қаржылай ямаса басқа да жәрдем көрсетиўине жол қойылмайды.
8-статья. Билимлендириў системасы ҳәм дин
Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў системасы диннен ажыратылған болып табылады.
Билимлендириў системасының оқыў бағдарламаларына диний пәнлердиң киргизилиўине (буған диний билимлендириў мәкемелери кирмейди) жол қойылмайды.
Пуқаралардыӊ дүньялық билим алыў ҳуқықы, олардың динге болған мүнәсибетине қарамастан тәмийинленеди.
Ҳәр ким диний билимлендириў мәкемелеринде профессионал диний билим алыў ҳуқықына ийе.
Диний билимлендириў мәкемелеринде оқыўға пуқаралар нызамшылыққа муўапық улыўма орта, орта арнаўлы билим ямаса профессионал билим алғаннан кейин қабыл етиледи.
Диний профессионал билим алған шахслар диний билимлендириў мәкемелеринде диний пәнлерди оқытыў жумысы менен шуғылланыў ҳуқықына ийе есапланады.
9-статья. Диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер
Диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер диний шөлкемлер жайласқан орында, соныӊ ишинде сыйынатуғын имаратларда ҳәм оларға тийисли аймақларда, қойымшылықларда, зиярат орынларында, диний зәрүрлик болған жағдайда пуқаралардың қәлеўине қарай олардың үйлеринде өткериледи.
Емлеўханаларда, госпиталларда, интернат мәкемелеринде, дәслепки қамаққа алыў ҳәм жазаны өтеў орынларында, ишки ислер уйымларыныӊ реабилитация орайларында диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер нызамшылықта белгиленген тәртипте, сол орынлардағы пуқаралардың өтинишлерине муўапық өткерилиўи мүмкин.
Сыйынатуғын имаратлардан сырттағы ғалабалық диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Диний шөлкемлер динге исениўшилерден мәжбүрий пул жыйымлары ҳәм төлемлер өндириўге, сондай-ақ оларға қарата шахстыӊ абыройы ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши илажларды қоллаўға ҳақылы емес.
10-статья. Диний мазмундағы материаллар, оларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў
Диний мазмундағы материаллар диний тәлийматтың догматизм тийкарларын, тарийхын, диний тәлийматтың идеологиясын ҳәм шолыўларды, ҳәр түрли диний тәлийматлардың мәресимлерин өткериў әмелиятын, сондай-ақ бөлек шахслардыӊ, тарийхый фактлер ҳәм ҳәдийселердиң диний көз-қарастан баҳасын сәўлелендириўши китаплар, қолланбалар, журналлар, газеталар, бетлер, басқа да баспа басылымлары, белгилер, предметлер, нышанлар, аудиовизуал дөретпелер (теле-, кино- ҳәм видеофильмлер, клиплер, концерт бағдарламаларының жазыўлары, мультфильмлер ҳәм басқалар), электрон мәлимлеме тасыўшылардан (дискетлер, CD, DVD дисклер, орнатылған ҳәм шешип алынатуғын флешкарталар, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жайластырылған материаллар ҳәм басқалар) болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў жәмийетте конфессиялараралық татыўлық ҳәмде диний кеӊпейилликтиӊ бузылыўына алып келетуғын, диний зорлық ҳәм бузғыншылыққа шақыратуғын идеялар ҳәмде көз-қараслар тарқалыўының алдын алыў мақсетинде динтаныўшылық экспертизасыныӊ унамлы жуўмағы алынғаннан кейин әмелге асырылады.
Диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм тарқатыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Ш-бап. Диний шөлкемди шөлкемлестириў, оның ҳуқық ҳәм миннетлери. Диний шөлкемлер жумысыныӊ қосымша кепилликлери
11-статья. Диний шөлкемди шөлкемлестириў
Диний шөлкем нызамшылыққа муўапық оның басламашыларының (шөлкемлестириўшилери) қарарына муўапық шөлкемлестириледи.
Диний шөлкемниң басламашылары (шөлкемлестириўшилери) шөлкемлестириў мәжилисин (конференциясын) шақырады, онда устав қабыл етиледи ҳәм басшы уйымлар дүзиледи.
Диний шөлкем дизимнен өткерилген ўақыттан баслап шөлкемлестирилген деп есапланады.
Диний шөлкем юридикалық шахс болып табылады.
Диний шөлкем диний шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы бойынша орайлық басқарыў уйымының (буннан былай текстте орайлық басқарыў уйымы деп жүргизиледи) Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарыў уйымы (буннан былай текстте басқарыў уйымы деп жүргизиледи), диний билимлендириў мәкемеси ямаса жергиликли диний шөлкем формасында шөлкемлестирилиўи мүмкин.
Диний билимлендириў мәкемеси дизимнен өткерилгеннен ҳәм ўәкилликли уйымның тийисли лицензиясын алғаннан кейин өз жумысын әмелге асырыў ҳуқықын алады.
Диний шөлкем белгиленген тәртипте усыныс етилетуғын жер участкаларында, ўәкилликли уйым менен келисимине қарай шөлкемлестириледи.
Тийисли диний профессионал билимге ийе болған шахс диний шөлкемниң басшысы болыўы мүмкин, буған диний тәлийматында диний профессионал билимлендириў системасы нәзерде тутылмаған конфессиялар кирмейди.
Диний шөлкемди қайта шөлкемлестириў оның басқарыўшы уйымының шешимине қарай қосып жибериў, қосып алыў, бөлиў, ажыратып шығарыў ҳәм өзгертиў жолы менен әмелге асырылыўы мүмкин.
Диний шөлкемди қайта шөлкемлестириў нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте әмелге асырылады.
12-статья. Диний шөлкемниң ҳуқық ҳәм миннетлери
Диний шөлкем төмендеги ҳуқықларға ийе:
шәртнама тийкарында берилетуғын имаратлардан ҳәм мүлктен, сондай-ақ материаллық-мәдений мийрас объектлеринен нызамшылықта белгиленген тәртипте өз мүтәжликлери ушын пайдаланыў;
қайырқомлық жумысларын әмелге асырыў;
диний шөлкемниң жумысы менен байланыслы илажлар өткериў;
уставта көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў ушын исбилерменлик структураларын шөлкемлестириў;
диний мазмундағы материалларды таярлаў, алып кириў ҳәм алып шығыў;
зыяратларды шөлкемлестириў ямаса басқа да диний илажларда қатнасыў мақсетинде халықаралық байланыслар орнатыў;
жаӊа жерлеў орынларын шөлкемлестириў ҳәм әмелдеги жерлеў орынларын оӊлаў ҳаққында усыныслар киргизиў.
Диний шөлкем:
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары, усы Нызам, басқа да нызамшылық актлери талапларына ҳәм өз уставы қағыйдаларына әмел етиўи;
сыйыныў, диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер ушын мөлшерленген орынларда қолайлы шараятлар жаратыўы;
диний шөлкем ийелигинде (пайдаланыўында) болған материаллық-мәдений мийрас объектлериниң пүтин сақланыўын тәмийинлеўи, бунда мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған талапларды мәжбүрий тәртипте орынлаўы, архитектуралық естеликлерди реставрациялаў бойынша жойбарлаў ҳүжжетлери тийкарында қурылыс ҳәм оӊлаў жумысларын әмелге асырыўы;
әдиллик уйымларын илажлардың (конференциялар, семинарлар ҳәм басқалар, буған диний салт-дәстүрлер ҳәм мәресимлер кирмейди) еркин өткерилиўине көмеклесиў ушын олардың өткерилиўи ҳаққында хабардар етиўи;
әдиллик уйымларын басшы уйымныӊ қурамы өзгергенлиги ҳаққындағы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде хабардар етиўи;
әдиллик уйымларына өзиниң өткен жылғы жумысы хаққында белгиленген формада ҳәр жылы мәлимлеме усыныўы шәрт.
Диний шөлкем нызамда нәзерде тутылған басқа да ҳуқықларға ийе болыўы ҳәм оныӊ жуўапкершилигинде басқа да миннетлемелер болыўы мүмкин.
13-статья. Диний шөлкемлер жумысыныӊ қосымша кепилликлери
Диний шөлкемлер өз жумысын нызамшылыққа муўапық ғәрезсиз түрде әмелге асырады.
Диний шөлкемлер өз мүлкинде имаратларға, объектлерге, сыйыныў предметлерине, өндирис объектлерине, социаллық объектлерге ҳәм қайырқомлық ушын мөлшерленген объектлерге, өз жумысын тәмийинлеў ушын зәрүр болған пул қаржыларына ҳәм басқа да мүлкке ийе болыўы мүмкин. Диний шөлкемлердиң мүлки нызам менен қорғалады.
Диний шөлкемлер мәмлекетлик уйымлардыӊ нызамға қайшы қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға ямаса судқа шағым етиў ҳуқықына ийе.
Диний шөлкемлер мәмлекетлик уйымлардыӊ нызамға қайшы қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының диний шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин бузыўшы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
4-бап. Диний шөлкемди дизимнен ҳәм қайта
дизимнен өткериў тәртиби
14-cтатья. Диний шөлкемниң шөлкемлестириў ҳүжжети
Диний шөлкемди шөлкемлестириў басламашылары (шөлкемлестириўшилери) тәрепинен тастыйықланған устав диний шөлкемниӊ шөлкемлестириў ҳүжжети болып табылады.
Диний шөлкемниң уставында төмендегилер нәзерде тутылады:
диний шөлкемниң атамасы, түри, тәлиймат тийкарлары ҳаққындағы мәлимлеме ҳәм оған сәйкес келетуғын диний хызметлер ҳаққындағы мағлыўматлар, оның шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасы, жайласқан орны (почта мәнзили), өз жумысын қайсы аймақ шеңберинде әмелге асырса, сол аймақ;
мақсети, ўазыйпалары ҳәм жумысыныӊ тийкарғы түрлери;
диний шөлкемниң дүзилиси ҳәм басшы уйымлары;
диний шөлкемниң басшы уйымларыныӊ ўәкиллик шеңбери ҳәм усы уйымларды қәлиплестириў тәртиби, олардың ўәкилликлери мүддетлери, турақлы түрде жумыс алып баратуғын басшы уйымның жайласқан орны (почта мәнзили);
пул қаржыларын ҳәм басқа да мүлкти қәлиплестириў дереклери, диний шөлкемниң ҳәмде оның структуралық бөлимлериниң мүлкин басқарыўға байланыслы ҳуқықлары;
диний шөлкемди қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў тәртиби, сондай-ақ диний шөлкем сапластырылған жағдайда оның мүлкине ийелик етиў тәртиби;
уставқа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби.
Уставда диний шөлкемниң нызамшылыққа қарсы болмаған жумысына тийисли басқа да қағыйдалар нәзерде тутылыўы мүмкин.
Диний шөлкем уставыныӊ талаплары диний шөлкемниң өзи, оны дүзиў басламашылары (шөлкемлестириўшилери) ушын мәжбүрий болып табылады.
Орайлық басқарыў уйымларына ийе болған диний шөлкемлердиң уставлары усы уйымлар менен келисилген болыўы керек.
15-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў
Мәмлекетлик хызметлер, соныӊ ишинде диний шөлкемлерди дизимнен өткериўде (қайта дизимнен өткериўде) хызметлер әдиллик уйымларыныӊ электрон системасы арқалы көрсетиледи.
Электрон системаға кириў электрон санлы имза ямаса шахсты идентификациялаў имканиятын беретуғын басқа да усыллар арқалы әмелге асырылады.
Мүрәжат етиўши электрон системаға киргеннен кейин өзиниң жеке кабинетиндеги тийисли мүрәжат түрин таңлайды, мағлыўматларды басқышпа-басқыш киргизеди ҳәм ҳүжжетлерди электрон система арқалы жибереди.
Электрон системада қәлиплестирилген ямаса әдиллик уйымлары тәрепинен жиберилген электрон ҳүжжетлерде матрицалы штрих код (QR-код) ҳәм идентификацияланған номерлер бар болады. Бунда электрон ҳүжжетте көрсетилген идентификацияланған номерди электрон системаның арнаўлы бөлимине киргизиў арқалы электрон ҳүжжет ҳаққындағы мәлимлемени алыў ушын мүмкиншилик жаратылады.
Электрон системаның ислеў тәртиби, мағлыўматлардың түрлери ҳәм формалары, сондай-ақ электрон ҳүжжетлердиң үлгилери Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланады.
16-статья. Диний шөлкемлерди дизимнен өткериў
Диний шөлкемлерди дизимнен өткериў әдиллик уйымлары (буннан былай текстте дизимнен өткериўши уйымлар деп жүргизиледи) тәрепинен әмелге асырылады.
Диний билимлендириў мәкемелерин дизимнен өткериў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен, басқарыў уйымларын ҳәм жергиликли диний шөлкемлерди дизимнен өткериў Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги диний шөлкемлердиң сырт ел пуқаралары болған хызметкерлерин (басшыларын), сондай-ақ олардың өз қарамағында болған шаңарақ ағзаларын аккредитация етиўди әмелге асырады.
Диний шөлкемлерди дизимнен өткергенлиги, диний шөлкемлердиң сырт ел пуқаралары болған хызметкерлерин, сондай-ақ олардың өз қарамағында болған шаӊарақ ағзаларын аккредитация еткенлиги ушын «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында белгиленген муғдарда мәмлекетлик бажы өндириледи.
Диний шөлкемди дизимнен өткерген уйым усы шөлкем жумысыныӊ устав мақсетлерине ҳәм нызамшылыққа муўапықлығы үстинен қадағалаўды әмелге асырады.
17-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер
Диний шөлкемди шөлкемлестириў бойынша шөлкемлестириў мәжилиси (конференциясы) өткерилген күннен баслап алты ай ишинде оны дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжат дизимнен өткериўши уйымға жибериледи.
Басқарыў уйымын дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
шөлкемлестириў мәжилисниӊ (конференциясының) басқарыў уйымын шөлкемлестириў, оның уставын тастыйықлаў ҳәм басқарыў уйымларын сайлаў ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған қарары;
басқарыў уйымының мәмлекетлик тилдеги уставы;
жайласқан жеринен диний шөлкемниң почта мәнзили ретинде пайдаланылыўы мөлшерленген көшпес мүлкке ийелик етиў ямаса оннан пайдаланыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
басқарыў уйымының шөлкемлестириўшилери ҳәм оның басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы ҳүжжетлер;
басқарыў уйымының басшысында диний профессионал мағлыўматын тастыйықлайтуғын ҳүжжеттиң, буған тәлийматы диний профессионал билимлендириў системасын нәзерде тутпайтуғын конфессиялар кирмейди;
ўәкилликли уйымның жуўмағы.
Диний билимлендириў шөлкемин дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
орайлық басқарыў уйымының диний билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў, оның уставын тастыйықлаў ҳәм басшы уйымларын сайлаў (тайынлаў) бойынша мағлыўматларды өз ишине алған қарары;
диний билимлендириў шөлкеминиң мәмлекетлик тилдеги уставы;
диний билимлендириў шөлкеминиң басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы ҳүжжетлер;
ўәкилликли уйымның жуўмағы.
Жергиликли диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
жергиликли диний шөлкемди өз басламасына муўапық дүзип атырған, он сегиз жасқа толған, елиўден кем болмаған Өзбекстан Республикасы пуқараларыныӊ имзаларын өз ишине алған ҳүжжетлер;
шөлкемлестириў мәжилисиниӊ жергиликли диний шөлкемди шөлкемлестириў, олардың уставын тастыйықлаў ҳәм басшы уйымларын сайлаў ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған қарарлары;
жергиликли диний шөлкемниң мәмлекетлик тилдеги уставлары;
жергиликли диний шөлкемди шөлкемлестириў басламашылары ҳаққындағы ҳәм оның басшы уйымы ағзалары ҳаққындағы ҳүжжетлер;
жергиликли диний шөлкемниң басшысының диний профессионал мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжеттиң, буған тәлийматы диний профессионал билимлендириў системасын нәзерде тутпайтуғын конфессиялар кирмейди;
ўәкилликли уйымның жуўмағы;
жергиликли диний шөлкемниң почта мәнзили сыпатында пайдаланылыўы мөлшерленип атырған көшпес мүлктиң қала қурылысы нормалары талапларына муўапықлығы ҳаққындағы жуўмақлар қосымша етилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жуўмағы.
18-статья. Қайта шөлкемлестириў жолы менен шөлкемлестирилген диний шөлкемди дизимнен өткериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер
Қосып жибериў, қосып алыў, бөлиў, ажыратып шығарыў ямаса өзгертиў формасында қайта шөлкемлестириў жолы менен шөлкемлестирилген диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа усы Нызамның 17-статьясында нәзерде тутылған ҳүжжетлерге қосымша түрде төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемге мәлим болған барлық кредиторлардың жазба түрде хабардар етилгенлиги ҳәм ғалаба хабар қуралларында қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы дағазаның жәрияланғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң барлық кредиторлары ҳәм қарыздарларына тийисли усы шөлкемниң барлық миннетлемелери, соныӊ ишинде тәреплер тартысып атырған миннетлемелер бойынша ҳуқықый мийрасхорлық ҳаққындағы қағыйдаларды өз ишине алған тапсырыў акти (қосып жибериў ҳәм өзгертиў ўақтында) ямаса бөлистириў балансы (бөлиў ҳәм ажыратып шығарыў ўақтында);
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң мөри ҳәм штампы жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт.
19-статья. Диний шөлкемниң уставына өзгерис ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизилгенде оны қайта дизимнен өткериў
Диний шөлкемниң уставына өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизилген жағдайда, усы Нызамда нәзерде тутылған тәртипте қайта дизимнен өткерилиўи тийис.
Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы талаплар диний шөлкемди қайта дизимнен өткериўде қолланылады.
Диний шөлкемди қайта дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжат дизимнен өткериўши уйымға диний шөлкем уставына өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизиў ҳаққында диний шөлкемниң басшы уйымы тәрепинен қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде жибериледи.
Диний шөлкемди қайта дизимнен өткериў ҳаққындағы электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
уставқа киргизилетуғын өзгерислер ҳәм (ямаса) қосымшалар текстиниң ямаса уставтың жаңа редакциясы;
диний шөлкем басшы уйымының уставқа өзгерис ҳәм (ямаса) қосымшалар киргизиў ҳаққындағы қарары;
диний шөлкемниң атамасы ямаса дизимнен өткериўши уйым өзгерген жағдайда – диний шөлкемниң мөри ҳәм штампы жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт.
Диний шөлкем қайта шөлкемлестирилгенлиги (ажыратып шығарылғанлығы ямаса қосып алынғанлығы) мүнәсибети менен қайта дизимнен өткерилген жағдайда усы статьяда нәзерде тутылған ҳүжжетлерге қосымша түрде төмендеги ҳүжжетлердиң электрон көширме нусқалары қосымша етиледи:
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемге мәлим болған барлық кредиторлардың жазба түрде хабардар етилгенлиги ҳәм ғалаба хабар қуралларында қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы дағазаның жәрияланғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет;
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң барлық кредиторлары ҳәм қарыздарларына усы шөлкемниң барлық миннетлемелери, соныӊ ишинде тәреплер тартысып атырған миннетлемелер бойынша ҳуқықый мийрасхорлық ҳаққындағы қағыйдаларды өз ишине алған тапсырыў акти ямаса бөлистириў балансы;
қайта шөлкемлестирилип атырған диний шөлкемниң мөри ҳәм штампы жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт.
Дизимнен өткериўши уйым өзгерген жағдайда, диний шөлкемди дизимнен өткериўди әмелге асырыўшы дизимнен өткериўши уйым алдын диний шөлкемди дизимнен өткериўди әмелге асырған дизимнен өткериўши уйымнан шөлкемниң дизимнен өткерилиўи менен байланыслы ҳүжжетлерди электрон система арқалы сорап алады.
Почта мәнзили, банк реквизитлери ямаса басшы уйымныӊ қурамы өзгерген жағдайда, диний шөлкем усы мәселелер бойынша қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде электрон система арқалы тийисли қарарларды қосымша еткен ҳалда дизимнен өткериўши уйымды бул ҳаққында хабардар етеди.
20-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы мүрәжатты көрип шығыў
Электрон мүрәжатты жибериўши электрон сораўды қәлиплестириўди жуўмақлап, электрон система тәрепинен автоматикалық түрде белгиленетуғын мәмлекетлик бажы төлемин әмелге асырады.
Мәмлекетлик бажы төленгеннен кейин диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы мүрәжат көрип шығыў басқышына өтеди.
Егер мүрәжатта дүзетиў мүмкин болған қәтелер болса ямаса усы Нызамда талап етилетуғын яки электрон мүрәжатты жибериўши усынылатуғын ҳүжжетлер болмаса, дизимнен өткериўши уйым оған бес жумыс күни ишинде қәтелерди дүзетиў ҳәм жетиспей атырған ҳүжжетлерди жибериў ушын мүмкиншилик береди. Дизимнен өткериўши уйым электрон мүрәжатты жибериўшиниң илтимасына муўапық бул мүддетти бес жумыс күнинен кем болмаған мүддетке узайтыўы мүмкин.
Дизимнен өткериўши уйым диний шөлкемди дизимнен өткериў ушын жиберилген ҳүжжетлердиң исенимлилигин ҳәм олардың нызамшылыққа муўапықлылығын тексериўге ҳақылы.
21-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў мүддетлери
Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлер дизимнен өткериўши уйым тәрепинен төмендеги мүддетлер ишинде көрип шығылады:
диний шөлкемди дизимге алыў ушын – мүрәжат алынған күннен баслап бир ай мүддетте;
диний шөлкемди қайта дизимнен өткериў ушын – мүрәжат алынған күннен баслап он бес күнлик мүддетте.
22-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў жуўмақлары
Дизимнен өткериўши уйым диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы ҳүжжетлерди көрип шығыў жуўмақларына муўапық төмендеги қарарлардыӊ бирин қабыл етеди:
диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққындағы;
диний шөлкемди дизимнен өткериўди бийкарлаў ҳаққындағы.
Диний шөлкемди дизимнен өткериў ҳаққында қарар қабыл етилген жағдайда, дизимнен өткериўши уйым қарар қабыл етилген сәнеден баслап үш жумыс күни ишинде:
диний шөлкем ҳаққындағы мағлыўматларды диний шөлкемлер реестрине киргизеди;
диний шөлкемди салық уйымларында ҳәм статистика уйымларында есапқа қойыўды әмелге асырады;
электрон системада диний шөлкемниң жеке кабинетин жаратады;
диний шөлкемниң дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы электрон гүўалықты қәлиплестиреди;
диний шөлкемниң дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы электрон гүўалықты ҳәм диний шөлкемниң уставын диний шөлкемниң электрон системадағы жеке кабинетине жибереди.
Диний шөлкемниң қайта дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы электрон гүўалықта диний шөлкем ҳаққындағы алдынғы мағлыўматлар, соныӊ ишинде оның атамасы, дизимнен өткериўши уйымның атамасы, диний шөлкем дизимнен өткерилген сәне, сондай-ақ қайта дизимнен өткерилген сәне көрсетиледи.
Дизимнен өткериўши уйымның өзгериўи мүнәсибети менен диний шөлкем қайта дизимнен өткерилген жағдайда, жаңадан дизимнен өткерген уйым алдынғы дизимнен өткериўши уйымды тийисли дизимнен өткериўге байланыслы мағлыўматларды көрсеткен ҳалда электрон система арқалы бул ҳаққында хабардар етеди.
Диний шөлкемди дизимнен өткериў бийкарланған жағдайда, қарар қабыл етилген күннен кейин бир жумыс күни ишинде электрон мүрәжат жибериўшиниң электрон системасындағы жеке кабинетине бийкарлаўдыӊ себеплери көрсетилген ҳалда хабар жибериледи.
Диний шөлкемди дизимнен өткериў бийкар етилгенлиги, егер бийкар етиў тийкарлары сапластырылса, ҳүжжетлерди тәкирарий усыныў ушын тосқынлық етилмейди.
23-статья. Диний шөлкемди дизимнен өткериўди бийкар етиў ушын тийкарлар
Диний шөлкемди дизимнен өткериў төмендеги жағдайларда бийкар етилиўи мүмкин, егер:
диний шөлкемниң шөлкемлестирилиўи конституциялық дүзимди зорлық пенен өзгертиў, Қарақалпақстан Республикасының суверенитети, пүтинлиги ҳәм қәўипсизлигине қарсы шығыў, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин кемситиў, урысты, социаллық, миллий, расалық ҳәмде диний өшпенлиликти үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың денсаўлығына ҳәм халықтың мәнаўиятына қәўип салыў мақсетин гөзлеген болса;
диний шөлкемди дүзиўдиң нызамда белгиленген тәртиби бузылған болса ямаса усынылған ҳүжжетлерде нызамшылыққа муўапық емеслиги ушырасса;
дүзилип атырған шөлкем диний шөлкем сыпатында тән алынбаған болса;
усынылған шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде биле тура надурыс мәлимлеме бар екенлиги анықланған болса.
Дизимнен өткериўши уйымның диний шөлкемди дизимнен өткериўди бийкар етиў ҳаққындағы қарары үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин.
24-статья. Диний шөлкемлер реестри
Дизимнен өткерилген диний шөлкем әдиллик уйымлары тәрепинен электрон системада жүргизилетуғын ҳәм ҳәмме танысып шығыўы ушын ашық болған диний шөлкемлер реестрине (буннан кейин текстте реестр деп жүргизиледи) киргизиледи.
Реестрде төмендегилер көрсетиледи:
диний шөлкемниң атамасы ҳәм оның қайсы конфессияға тийислилиги;
диний шөлкемниң жайласқан орны (почта мәнзили);
диний шөлкем жумыс алып баратуғын аймақ;
басламашылар (шөлкемлестириўшилер) қатнасыўшылар ҳаққындағы мәлимлеме (фамилиясы, аты, әкесиниң аты), байланыс ушын мағлыўматлар;
басшы уйымның атамасы ҳәм почта мәнзили, байланыс ушын мағлыўматлар;
диний шөлкем дизимнен өткерилген сәне ҳәм басқа да мәлимлеме.
5-бап. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатып
турыў ҳәм сапластырыў
25-статья. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў
Диний шөлкемниң жумысы, ол Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары, усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық актлерин бузған жағдайда, суд тәрепинен тоқтатып турылыўы мүмкин.
Диний шөлкем тәрепинен нызамшылық актлери талаплары бузылған, сондай-ақ шөлкемниң өз устав мақсетлерине қарсы ҳәрекетлер әмелге асырылған жағдайда, прокуратура уйымлары ямаса дизимнен өткериўши уйым усы ҳуқықбузарлықларды сапластырыў ҳаққындағы усынысты усы диний шөлкемниң басшы уйымларына киргизеди ҳәмде бул ҳуқықбузарлықларды сапластырыў мүддетин белгилейди. Егер бул ҳуқықбузарлықлар белгиленген мүддетте сапластырылмаса, диний шөлкем жумысы прокуратура уйымларының ямаса дизимнен өткериўши уйымның усынысы тийкарында суд қарары менен алты айға шекем болған мүддетке тоқтатып турылады.
Айрықша жағдай енгизилген жағдайда диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў тәртиби нызамда белгиленеди.
26-статья. Диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыў ақыбетлери
Диний шөлкемниң жумысы судтың қарарында белгиленген мүддетке тоқтатып турылған жағдайда, оның қайырқомлық фондлары шөлкемлестириўшиси сыпатындағы ҳуқықлары да тоқтатып турылады, оған илажларды шөлкемлестириў, банк аманатларынан пайдаланыў қадаған етиледи, буған хожалық жумысы, мийнет шәртнамалары бойынша қәрежетлер, өз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) себепли жеткерилген зыянлардыӊ орнын қаплаў ҳәм жәриймалар төлеўге байланыслы қәрежетлер кирмейди.
Егер диний шөлкемниң жумысын тоқтатып турыўдың суд тәрепинен белгиленген мүддети даўамында оның жумысы тоқтатылыўы ушын тийкар болып хызмет еткен ҳуқықбузыўшылықлар сапластырылса, усы мүддет тамамланғаннан кейин диний шөлкем өз жумысын қайтадан баслаўы мүмкин.
Диний шөлкем көрсетилген ҳуқықбузыўшылықты сапластырмаған жағдайда, оның жумысын тоқтатып турыў ҳаққында судқа усыныс киргизген уйым усы диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында судқа усыныс киргизиўи мүмкин.
27-статья. Диний шөлкемди сапластырыў тәртиби
Диний шөлкемди сапластырыў нызамшылыққа ҳәм диний шөлкемниң уставына муўапық әмелге асырылады.
Диний шөлкемди сапластырыў диний шөлкемниң ўәкилликли басшы уйымының қарары менен ықтыярлы түрде ямаса усы Нызамныӊ 26-статьясының үшинши бөлимине муўапық суд тәртибинде әмелге асырылады.
Диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында қарар қабыл еткен диний шөлкемниң басшы уйымы ямаса суд сапластырыўшыны – сапластырыў комиссиясын ямаса физикалық шахсты тайынлайды, диний шөлкемди сапластырыў мүддетин белгилейди.
Сапластырыў комиссиясы қурамына, әдетте, тийисли юридикалық, экономикалық мағлыўматқа ийе ҳәм (ямаса) бухгалтерия тараўында әмелий тәжирийбеге ийе болған шахслар киргизиледи.
Диний шөлкемниң басшы уйымы тәрепинен диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында қарар қабыл етилген жағдайда, сапластырыў ҳаққындағы мағлыўматлар дизимнен өткериўши уйымға диний шөлкемди сапластырыў ҳаққында басшы уйым қабыл еткен қарардың электрон көширме нусқасы қосымша етилген ҳалда үш жумыс күни ишинде электрон система арқалы усынылады.
Диний шөлкем суд тәрепинен сапластырылған жағдайда, сапластырыўшы судтың қарарын электрон система арқалы алғаннан кейин қарардың электрон көширме нусқасын дизимнен өткериўши уйымға үш жумыс күни ишинде усынады.
Дизимнен өткериўши уйым сапластырыўшы ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм диний шөлкемди сапластырыў ҳаққындағы басшы уйымның қарарын алғаннан кейин еки жумыс күни ишинде реестрге диний шөлкемниң сапластырыў процесинде екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды киргизеди ҳәмде бул ҳаққында диний шөлкем мәмлекетлик дизимнен өткерилген орындағы салық уйымларын ҳәм статистика уйымларын, көшпес мүлкке ҳәм автотранспортқа болған ҳуқықларын дизимнен өткериўши уйымларды, сондай-ақ суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўши уйымларды электрон система арқалы хабардар етеди.
28-статья. Реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында жазыў киргизиў
Реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында жазыў киргизиў ушын сапластырыўшы бул ҳаққында дизимнен өткериўши уйымға электрон система арқалы электрон мүрәжат жибереди.
Электрон мүрәжатқа төмендеги ҳүжжетлердиң көширме нусқалары қосымша етиледи:
диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында баспа басылымда берилген дағаза;
белгиленген тәртипте тастыйықланған сапластырыў балансы;
диний шөлкемниң барлық есап бетлери жабылғанлығы ҳаққында хызмет көрсетиўши банклердиң мағлыўматлары;
кредиторлардыӊ талаплары толық қанаатландырылғаннан кейин қалған мүлкке ийелик еткенлиги фактын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;
мөрлер ҳәм штамплар жоқ етилгенлиги ҳаққындағы акт;
лицензиялар ҳәм рухсатнамалар (бар болған жағдайда);
салық уйымларыныӊ салықлар ҳәм жыйымлар бойынша қарыздарлық жоқ екенлиги ҳаққындағы жуўмағы;
суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў бойынша уйымның диний шөлкем қарыздар сыпатында қатнасып, орынланбаған атқарыў ҳүжжети жоқлығы ҳаққындағы хабары;
диний шөлкем ҳүжжетлериниң мәмлекетлик архивке тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўмат.
Бунда ҳүжжетлердиң түп нусқалары дизимнен өткериўши уйымға еки жумыс күни ишинде усынылады.
Дизимнен өткериўши уйым сапластырыўшыныӊ электрон мүрәжаты алынғаннан кейин реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында бес жумыс күни ишинде жазыў киргизеди.
Егер ҳүжжетлердиң толық дизими усынылмаған ямаса олар тийисли тәртипте рәсмийлестирилмеген болса, сондай-ақ усынылған ҳүжжетлерде биле тура надурыс мәлимлеме бар екенлиги анықланған болса, реестрге жазыў киргизилиўи бийкар етилиўи мүмкин.
Реестрге жазыў киргизиў бийкар етилген жағдайда, дизимнен өткериўши уйым сапластырыўшыға бийкар етиў тийкарларын көрсеткен ҳалда электрон система арқалы билдириў хатын жибереди.
Реестрге жазыў киргизиў ҳаққындағы қарар дизимнен өткериўши уйым басшысының жуўмағы ретинде қабыл етиледи.
Дизимнен өткериўши уйым диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында реестрге жазыў киргизилгеннен кейин еки жумыс күни ишинде:
диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққында сапластырыўшыны, салық уйымларын ҳәм статистика уйымларын электрон система арқалы хабардар етеди;
диний шөлкемге берилген лицензиялар ҳәм рухсатнамаларды (бар болған жағдайда) оларды берген уйымларға тапсырады.
Диний шөлкем реестрге диний шөлкем сапластырылғанлығы ҳаққындағы жазыў киргизилген ўақыттан баслап сапластырылған деп есапланады.
29-статья. Өз жумысын тоқтатқан диний шөлкемниң мүлкине ийелик етиў
Диний шөлкемге оған пайдаланып турыў ушын берилген мүлк оның жумысы сапластырылғаннан кейин алдынғы ийесине қайтарылады.
Диний шөлкемниң жумысы сапластырылғанда оған қараслы мүлкке ийелик етиў оның уставына ҳәм нызамшылыққа муўапық әмелге асырылады. Кредиторлардыӊ талаплары бойынша өндириўге қаратылыўы мүмкин болмаған, сыйыныў ушын мөлшерленген мүлктиң дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Ҳуқықый мийрасхорлар болмағанда мүлк мәмлекет мүлкине өтеди.
VI-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
30-статья. Тартысларды шешиў
Ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, сондай-ақ диний шөлкемлердиң жумысын тәртипке салыў тараўында жүзеге келетуғын тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.
31-статья. Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
32-статья. Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызам актлерин өз күшин жойытқан деп табыў
Төмендегилер өз күшин жойытқан деп табылсын:
1) Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы 412/I-санлы Нызамы;
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 1998-жыл 28-ноябрьде қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын ҳәрекетке енгизиў ҳаққындағы 413/I-санлы қарары;
3) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2010-жыл 22-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 31/II-санлы Нызамыныӊ 7-статьясы;
4) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2018-жыл 18-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 200/ХХII-санлы Нызамыныӊ 41-статьясы;
5) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2018-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 225/ХХIV-санлы Нызамыныӊ 2-статьясы.
33-статья. Усы Нызамның орынланыўын, жеткерилиўин, мазмун ҳәм әҳмийети түсиндирилиўин тәмийинлеў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамның орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмуны ҳәм әҳмийетин халықтыӊ арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
34-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси:
ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзлериниң нормативлик-ҳуқықый актлериниң қайта көрип шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.
35-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.




